Ташкент қаласында Венгрияның “ОТП Bank”и “Ипотека-банк” акционерлик коммерциялық банкин меншиклестириў ҳаққындағы келисимге қол қойыў мәресими болып өтти.
Ҳүжжетке Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги атынан Бас министрдиӊ орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Жамшид Хўжаев, “ОТР” банки тәрепинен болса – басқарма баслығы ҳәм бас директор Шандор Чань және бас директордыӊ орынбасары Ласло Вулф қол қойды.
Келисимниӊ финанслық жуўмағы 2023-жылдың биринши ярымында әмелге асырылыўы күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги