Еки қабатлы ҳәўли жайда жасайтуғын шаңарақ ҳәр айда 800 кВт/соат электр энергиясын пайдаланады.

Егер жайға 5 кВт/соат қуўатлылықтағы фотоэлектр станциясы орнатылса, орташа 50 миллион сумга түседи. Станция 20 жыл хызмет етеди. Бул қәрежет 9 жылда өзин-өзи қаплайды ҳәм қалған 11 жыл электрден бийпул пайдаланыў мүмкин, деп хабар бермекте Humаn.uz  телеграмм каналы.

Қуяш ямаса самал электр станциясы сатып алынғанда болса мәмлекет тәрепинен қуўатлылығына қарай, 15 миллион сумға шекем компенсация төленеди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги