Соңғы жыллары Елбасшымыз тәрепинен мәмлекетимизде халқымыздың турмыс шараятларын жақсылаўға, оларды социаллық ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға, «Инсан қәдири» принципи тийкарында ҳәр бир инсанның өз турмысынан разы болып жасаўы ушын кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Усы тийкарда ҳәзирги ўақытта депутатлар тәрепинен орынларда әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары үстинен депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ахмед Реймов Нөкис қаласындағы өзи сайланған аймақ Жаңабазар МПЖ да жайласқан 45-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қосымша 660 орынға мөлшерленген жаңа имаратының қурылыс, сондай-ақ, Бағшылық МПЖ аймағындағы Республика эндокринология диспансериниң 30 орынлық хирургия бөлими ҳәм 50 орынлық емлеў ҳәм басқа да имаратларында алып барылып атырған реконструкциялаў жумыслары менен танысты.
Мағлыўмат орнында, Жаңабазар МПЖда жайласқан 45-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қурылыс жумыслары 2023-жылдың май айына, Бағшылық МПЖ аймағындағы Республика эндокринология диспансериниң қурылыс жумыслары болса, усы жылдың декабрь айының ақырына жуўмақланыўы режелестирилген.
Халық ўәкили қурылысшылар менен сәўбетлесиў барысында қурылыс жумысларын өз ўақтында сапалы етип орынлаў кереклигин ҳәм алып барылып атырған қурылыс жумыслары депутатлық қадағалаўда екенлигин атап өтти. Буннан гөзленген баслы мақсет – халыққа мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги