Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни мүнәсибети менен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң хызметкерлери 2-санлы «Бахытлы шаңарақ» шаңарақ балалар үйи тәрбияланыўшыларына китап саўға етти.
Қутлы мәкан мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы шаңарақ балалар үйинде бүгинги күнде 8 бала тәрбияланбақта. Бул шаңарақ Президентимиздиң «Шаңарақ балалар үйлериниң жумысын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында өткен жылдың ноябрь айында шөлкемлестирилген.
Балалар усы аймақтағы 35-санлы ҳәм Таслақ елатындағы 28-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде билим алмақта. Олардың үлкени 9-класста оқыйды, ең кишиси 6 жасар. Саламат Нийетуллаев ҳәм Гүлнара Ембергеновалардың шаңарағында тәрбияланып атырған бул балалардың барлығы айрықша қәбилетли ҳәм саўатлы. Атап айтқанда, 16 жасар Султанбек Оралбаев дуўтар, гитара музыка әсбапларын шертип, қосық айта алады. Өзиниң айтыўынша, гитарада нама шертиўди интернеттен бир ай ишинде үйренип алған. Ал, Мухаммадали Карамов барабанды кәмине келтирип шертеди. Қызлар ҳәм ул балалар ушын өз алдына ажыратылған бөлмелерде спорт беллесиўлеринде ҳәм басқа да таңлаўларда жеңип алынған медальлар, грамоталар, ҳүрмет жарлықлары қыстырылған. Балалар усындай таңлаўларда шаң жутқыш, термос, суў ысытқыш сыяқлы саўғалар утып алып, анасына саўға еткенин айтып мақтанды.
– Мениң ушын китап ең қәдирли саўға, -дейди шаңарақ үйиниң тәрбияланыўшысы М.Карамов. – Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайындағы ағаларымыз қарақалпақ, өзбек, рус тиллериндеги ҳәр қыйлы китаплар менен үйимиздеги китапханамызды толтырып таслады. Енди бул китапларды оқып болғанша асығаман. Анам бәрқулла оқыған китапларымыздың мазмунын сорайды, бирге отырып, олардағы қаҳарманлардың ис-ҳәрекетлерин талқылаймыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги