Жақында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде Ташкент қаласы, Сырдәрья, Ташкент ҳәм Хорезм ўәлаятларында спорттың волейбол, стритбол, шашка түрлеринен спорт жарыслары болып өтип, онда шоманайлы жаслар да бир қатар табысларды қолға киргизди.
Атап айтатуғын болсақ, 22-26 жас аралығында стритбол бойынша ерлер арасында Наўрыз мәкан пуқаралар жыйыны жаслары екинши орынды ийелеген болса, 27-30 жас аралығында «Моншақлы» елатының жаслары 3-орынды қолға киргизиўге миясар болды.
Сондай-ақ, шашка бойынша 27-30 жастағы жаслар арасында өткерилген жарыста Таза базар мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Жандулла Төремуратов ҳәм Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Анар Дәўлетбаевалар 3-орынды ийелеўге миясар болды.
– Жасларымыздың усындай қолға киргизген жетискенликлери себепли, Наўрыз мәкан пуқаралар жыйыны аймағына стритбол ҳәм стритуоркоут майданшасы, Моншақлы елатына стреетуоркоут майданшасы қурып берилетуғын болды,-дейди бизге Шоманай районы спорт мектеби директоры Боранбай Айтмуратов.- Сыйлы орынларды ийелеген жасларымыз шөлкемлестириўшилер тәрепинен заманагөй кир жуўыў машинасы ҳәм телевизорлар менен сыйлықланды. Тилекке қарсы, волейбол бойынша жарысларға қатнасқан Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйыны жасларына бираз әўмет жетиспеди.
Деген менен, ҳәўескер спортшы жасларымыз тәрепинен қолға киргизилген бундай жетискенликлер Шоманай районының басқа аймақларында жасаўшы жасларға да үлкен түртки болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы