Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен 9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен кеңейтилген мәжилис өткерилди.
Мәжилисте басқарма баслығы И.Казаков ҳәм басқалар шығып сөйлеп, әсирлер даўамында еллердиң раўажланыўына тосқынлық етип киятырған коррупция иллетине қарсы гүресиў бүгинги күнде де әҳмийетли мәселе болып турғанын атап өтип, бажыхана жеке қурамы арасында оның алдын алыў илажларын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Мәжилисте басқарманың айырым нәпәк хызметкерлери тәрепинен исленген усындай унамсыз ҳәрекетлер бойынша прокуратура тәрепинен берилген усынысларда көрсетилген жағдайлар туўралы мағлыўматлар берилип, бул иллет сынға алынды.
Атап өтилгениндей, бажыхана системасы тек ғана терең билим ҳәм күшке ийе, ҳүжданы пәк хызметкерлер менен Президентимиз айтқанындай коррупциядан аўлақ системаға айланады.
Бажыхана уйымлары хызметкерлерине қаратылып атырған итибар, олардың ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланыўы, қорғалыўы ҳәм жаратылып атырған шараятларға қарамастан, өз лаўазымынан ғәрезли мақсетте пайдаланыў – қыянет екенлиги атап өтилип, хызметкерлер арасында усындай жағдайлардың алдын алыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги