Мәмлекетлик статистика комитети елимизде усы жылдың ноябръ айында пул өткермелерине ҳақы төлеў хызметлериниӊ баҳалары бойынша мағлыўматларды жәриялады.
Хабарда мәлим етилиўинше, усы жылдың ноябръ айында пул өткермелерине ҳақы төлеў хызметлериниӊ баҳалары октябръ айына салыстырғанда, яғный бир айда орташа 0,7 процентке қымбатлаған.
Пул өткермелери ушын ҳақы төлеў хызметлериниӊ баҳалары жыл басынан берли орташа 3,2 процентке өскен.
Соның менен бирге, пул өткермелерине ҳақы төлеў хызметлериниӊ баҳалары 2021-жылдың сәйкес дәўири менен салыстырылғанда яғный, бир жылда орташа 4,2 процентке артқаны бақланған. 2022-жылдың июлъ айында басқа финанслық хызметлердиӊ баҳалары октябръ айына салыстырғанда, яғный бир айда орташа 0,2 процентке көбейген.
ӨзА