Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов әмелий сапар менен Қырғызстанға жетип барды. Бул ҳаққында Қырғызстан Министрлер Кабинетиниң баспасөз хызмети хабар берди.
Хабар берилиўинше, «Манас» халық аралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Қырғызстан Министрлер Кабинетиниң баслығы — Президент Администрациясы басшысы Ақылбек Жапаров күтип алған.
Мағлыўмат ушын Абдулла Арипов ЕАЭК бақлаўшы мәмлекети делегациясы басшысы сыпатында Жоқары Евроазия экономикалық кеңеси мәжилисинде қатнасады. Өзбекстан бирлеспеде бақлаўшы мәмлекет есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги