Футбол патшасы Пеле Килиан Мбаппеге қысқаша хабар жазды.

Белгили футболшы жәҳән чемпионаты-2022 топурары болып турған французға миннетдаршылық билдирди.

Еслетип өтемиз, Францияның Польшаға қарсы ойынында Мбаппе еки топ өткерген ҳалда мундиалдың обсолют топурарына айланған еди (9). Пеле  жәҳән чемпионатын бақлап барыўды  даўам етеди.

«Рахмет саған Мбаппе, Мениң гезектеги рекордымды жаңалап атырғаныңнан қуўанышлыман, достым!»деп жазады Пеле социаллық тармақта.

Индира ҚАДИРБЕРГЕНОВА,

ҚМУ, Интернет журналистика бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги