Канаданың Саскачеван қаласында жасаўшы Ли Кормиш бир жәҳән чемпионатына кириў бойынша Гиннестиң рекордлар китабына кириў бойынша көрсеткишти жаңаламақшы.

Мәлим болыўынша, жәҳән чемпионаты ойынларына кириў бойынша рекорд  Тулани Нгкобоға тийисли. Ол 2010-жылы Қубла Африкада болып өткен чемпионаттың 31 ойынына кириўге ерискен. Кормиш Қатардағы жәҳән чемпионатында  41 ойынға кирмекши ҳәм бул рекордты өзиниң YouTube каналы ҳәм социаллық тармақларда жәрияламақшы. Буның ушын ол жәҳән чемпионатының 8 стадионына барыўы ҳәм ойынды тамаша еткенлигин тастыйықлайтуғын еки гүўағы ийе болыўы керек.

Қатардағы жәҳән чемпионатының ықшамлығы нәтийжесинде жанкүйерлер көплеген ойынларды тамаша етиў имканиятына ийе болмақта. Ең алыс стадионның аралығы  75 километрди қурайды.

Индира ҚАДИРБЕРГЕНОВА,

ҚМУ, Интернет журналистика бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги