Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен  Бас нызамымыздың 30 жыллық байрамына бағышлаған  ушырасыў шөлкемлестирилди. 

Ушырасыўда сөзге шыққанлар студент-жасларды байрам менен қызғын қутлықлап, Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәр бир демократиялық ҳуқықый мәмлекеттиң баслы өлшеми болыўы тийис екенлиги атап өтилди.

Онда атап өтилгениндей, Конституциямыз шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықларда өз-ара ҳуқық ҳәм миннетлемелер, олардың кепилликлерин ашық-айдын белгилеп берди. Жынысы, тили, миллети, дини, социаллық келип шығыўына қарамастан елимизде пуқараларымыздың теңлиги кепилленген болып, бул заманагөй демократиялық  раўажланыў ушын тийкар болады.

Ҳақыйқатында да, өсип киятырған жас әўладты миллий мийрасларымызға садықлық ҳәм Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда Бас нызамымыз тийкарғы тирегимиз болып хызмет етпекте.


Қарақалпақстан хабар агентлиги