Теsla ҳәм SpacеХ тың тийкарын салыўшы ҳәм жақында Тwitter социаллық тармағыныӊ ийеси болған Илон Маск Forbes  журналыныӊ еӊ бай адамлары дизиминде орнын еки мәрте босатып бериўге туўра келди.

Енди ол франциялы LVMH топарыныӊ президенти Бернард Арнодан кейинги орында. Бул ҳаққында Kazinform хабар берди.

Сәршемби күни саат 15:30 дан 16:30 ға шекем Масктыӊ байлығы  185,1-185,8 долларды, Арноники болса 185,3-185,7 доллары қурайды. Усы ўақыт ишинде Арно еки мәрте биринши орынға көтерилди.

Forbes мағлыўматына қарағанда, Арно шаӊарағыныӊ байлығы  еки зыятқа көбейген (76 миллиардтан 158 миллиард долларға шекем).

Индира ҚАДИРБЕРГЕНОВА,

ҚМУ, Интернет журналистика бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги