Еӊ жақсы көркем анимациялық, ҳүжжетли ҳәм сырт елде сүўретке алынған фильмлер номинацияларына талабанлар мәлим болды.

Еӊ жақсы көркем фильм номинациясына 27 фильм даўагерлик етпекте. Атап айтқанда, Гильермо дель Торо тәрепинен сүўретке алынған «Пиноккио», сондай-ақ, «Миньонлар: Грювитация», «Әжайып дүнья» ҳәм басқалар.

Еӊ жақсы ҳүжжетли фильмлер номинациясына 144 картина таңлап алынған. Атап айтқанда, Венеция кинофестивалыныӊ жеӊимпазы «Барлық гөззаллық ҳәм қан төгилиси», «Селена Гомес: санам ҳәм мен», «Дэвид Боуи: айдыӊ әрманы». 15  фильмди өзиниӊ ишине алған қысқа дизим 21 декабрь күни жәрияланады.

Сырт елде сүўретке алынған ең жақсы фильм номинациясында 92 мәмлекеттиң картинасы даўагерлик етпекте. Атап айтқанда, Алехандро Гонсалес Инярритуныӊ «Бардо» (Мексика), «Бир пайытта кинода» (Ҳиндстан), «Корсаж» (Австрия) ҳәм басқалар.

Оскарды тапсырыў мәресими  2023-жыл 12-март күни өткериледи.

Индира ҚАДИРБЕРГЕНОВА,

ҚМУ, Интернет журналистика бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги