Мағлыўматларға қарағанда жуқпалы кеселликлерди келтирип шығаратуғын бактерия, вирус, паразит, прион (кеселлик шақырыўшы белок) тәбиятлы кеселлик қоздырыўшылар тәбийғый ямаса адамлар тәрепинен жаратылған шараятларда ҳайўан организминде жасайды, көбейеди ҳәм сыртқы орталыққа бөлип шығарылады екен. Бул қоздырыўшылар ушын ҳайўан организми тәбийғый жасаў орталығы болып табылады. Бирақ, айырым ҳайўанлардағы паразитлер адам организминде де өзине қолайлы шараят табады ҳәм адамлар арасында ҳәр түрли, ҳәттеки, ақыбети өлимге алып келиўи мүмкин болған кеселликлерди шақырады екен.
– Ҳайўан ҳәм адам ушын улыўма болған инфекциялар зооантропонозлар, деп аталады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық басқармасының оғада қәўипли кеселликлер бөлими врач-эпидемиологи Н.Низаматдинова. – Оларға отжара, оба, бруцеллез, туляремия, аўсыл, геморрагиялық ысытпалар, қутырыў, сальмонеллез, кампилобактериоз, боррелиоз, лейшманиоз, эхинококкоз, Крейцфельд-Якоб кеселлиги ҳәм басқалар киреди.
От жара, бруцеллез кеселликлери үй ҳайўанлары арасында ушырасып, олардан адамларға жуғады. Соның менен бирге, адамлардың жасаў ҳәм хожалық жүргизиў тәризиниң өзгериўи жабайы ҳайўанлардың жасаў орталығына жақынласыўы ҳәм кирип барыўына алып келеди. Жабайы ҳайўанлардан үй ҳайўанларына жуқпалы кеселликлердиң өтиўи, өз гезегинде олардың адамларға жуғыў қәўпин жаратады. Усы жол менен қутырыў, оба, лептоспироз сыяқлы кеселликлердиң адамларға тарқалыўы жүз береди.
Адамлар инфекция менен зыянланған буўынаяқлылар шаққанда, қатнасық жасаў, азық-аўқат, суў арқалы яки ҳаўа-шаң жолы менен кеселликти жуқтырады. Наўқасланыўда социаллық факторлар, адамның шуғылланатуғын кәсип-кәри де үлкен әҳмийетке ийе. Қала халқына салыстырғанда аўылда жасаўшылар көбирек аўырады.
Тәбиятта кеселликти сақлаўшы – көпшилик жабайы ҳайўанлар ҳәм тасыўшы – қан сорыўшы буўынаяқлылар белгили бир жерлерде жасайды ҳәм жуқпалы кеселлик қоздырыўшыларының тәбийғый орталығын қәлиплестиреди. Республикамыз аймағында оба, от жара, Қырым-Конго геморрагиялық ысытпасы, қутырыў, бруцеллез, лейшманиоз сыяқлы кеселликлердиң тәбийғый орайлары болып, олардың адамларға жуғыў қәўпи жоқары болып қалмақта.
Усындай жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде ҳүкиметимиз, тийисли министрликлер, шөлкемлер санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети биргеликте узақ мүддетли, жыллық ҳәм қысқа мүддетли илажлар режесин ислеп шығып, орынланыўын тәмийинлеп бармақта.
Ҳәзирги ўақытта қутырыў кеселлигиниң алдын алыў бойынша ийт ҳәм пышықларды шаншыў, қаңғымай ийтлерди жоқ етиў, олардан жарақатланған адамларды шаншыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Маллардың от жара кеселлиги менен аўырған жерлеринде өткен әсирдиң 30-жылларынан баслап дизимге алынған топырақ ошақлары арқалы келип шығыўы мүмкин болған қәўиптиң алдын алыў мақсетинде олар қоршалып, бетонланған ҳәм белги қойылған ҳалда сақланады. Топырақтан сынама алынып лабораторияда тексерилип турылады.
Малларды үй шараятында ветеринариялық тексериўден өткериўисиз сойыўға жол қоймаў, қәўипсизлиги ветеринария хызмети тәрепинен кепиллик берилмеген гөш ҳәм сүт өнимлерин сатыў тийисли хызметлер тәрепинен қадағаланады.
Шарўашылық хожалықларында «төллетиў, қозылатыў», «қырқым» мапазларында көп жуғатуғын кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде жумысшыларды арнаўлы кийим менен тәмийинлеў, маллар, оларды сақлайтуғын орынларда дезинфекция ҳәм кенеге қарсы дәрилеў өткериледи. Кеселлик қоздырыўшыларына қарсы дезинфекция, кемириўшилерге қарсы дератизация ҳәм буўынаяқлыларға қарсы дезинсекция жумысларын сапалы өткериў зооантропоноз кеселликлеринен сақланыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Қырым-Конго геморрагиялық ысытпасы вирусының тарқалыўын анықлаў мақсетинде маллардың қаны, кенелер жыйналып лабораторияда тексерип турылады. Сондай ақ, наўқасларды қыстаўлы түрде емлеп баслаў ушын бурын усы кеселлик пенен аўырып саўалған адамлардан қан плазмасы алынып, музлатып сақланады.
Бундай кеселликлердиң сырт еллерден кирип келиўиниң алдын алыў ушын шегара өткериў орынларында санитария-карантин пунктлери шөлкемлестирилген. Елимизге кирип киятырған ҳәр бир пуқараның жуқпалы кеселликке шатылмағанлығы дене ыссылығын өлшеў, сорастырыў арқалы тексериледи.
Емлеў-профилактикалық мәкемелер, ветеринария, абаданластырыў, айрықша жағдайлар ҳәм басқа да хызметлер қәнигелериниң зооантропоноз кеселликлери бойынша билими, таярлығы ҳәм қырағылығын арттырыўды талап етиледи. Бул мақсетте оқыў семинарлар, әмелий шынығыўлар турақлы өткерилмекте.
Атап өтилген илажлар халқымыздың денсаўлығын сақлаў менен бирге, халық хожалығының, экономиканың раўажланыўына да жақсы тәсир етеди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги