Бул мағлыўмат Ташкент қаласындағы ИНХА университетинде болып өткен Өзбекстан ҳәм Кореяның электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономика бойынша бирге ислесиўине бағышланған форумда айтып өтилди.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министриниң орынбасары Жамшид Эгамберидиев БМШ «Электрон ҳүкимет» раўажланыў индексине бола, Өзбекстан 2022-жыл 193 мәмлекет арасында 69-орынды ийелеп, 2020-жылға салыстырғанда 18 басқышқа жоқарылағанын атап өтти.

Әнжуманда Өзбекстан – Корея қатнасығы атап өтилип, бир қатар перспективалы бағдарларда бирге ислесиўди және де жеделлестириў мақулланды. Соның ишинде, Корея Республикасының алдыңғы тәжирийбесин есапқа алған ҳалда технопарклер, инновациялық орайларды раўажландырыў ҳәм нәтийжели басқарыў бағдарында шерикликти күшейтиў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, инсан капиталы IT-индустрияны раўажландырыўдың әҳмийетли факторы болған екенин есапқа алып, Өзбекстан ҳәм Корея қәнигелестирилген университетлери арасында мәлимлеме технологиялары бойынша билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў және де кеңейтиледи.

Илаж шеңберинде жасалма интеллект ҳәм ақыллы қала бағдарында да бирге ислесиўди раўажландырыў, биринши гезекте, алдыңғы тәжирийбени өзлестириў ҳәм биргеликте ҳәрекетлениў ноқатларын анықлаў мәселелери додаланды.

Электрон ҳүкимет, санлы экономика ҳәм жасалма интеллект бағдарларында тәжирийбе алмасыў бағдарламаларын, қәнигелик арттырыў курсларының санын көбейтиў зәрүр екенлигине айрықша итибар қаратылды.

ӨзА