Наўайы қаласында Халық депутатлары Наўайы ўәлаяты Кеңесиниң сессиясы болып өтпекте.

Онда Президент Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

Ўәлаят экономикасы тек ғана ири кәрханаларға қарап қалмаўы керек екенлиги атап өтилди. Исбилерменликти раўажландырыў, бос турған жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Наўайыда санаатты және де раўажландырыў ушын жүдә үлкен резерв ҳәм имканиятлар болғаны менен, олар толық иске қосымлмай атырғаны атап өтилди.

Жумыссыз жаслар ҳәм жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды кәсипке оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Аўыл хожалығында ҳәзирги потенциалдың толық иске қосылмай атырғаны көрсетип өтилди. Наўайы аймағында 8,5 миллион гектар жайлаўлар болғаны менен қойшылық ҳәм қаракөлшилик ўәлаяттың драйверине айланғаны жоқ.

Социаллық тараўда да халықты қыйнап атырған мәселелер жетерли. Тек ғана «Басламалы бюджет» шеңберинде 326 мәҳәлле тәрепинен 2 мың 346 ең әҳмийетли машқала көтерилген.

ӨзА