Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында мийнеткеш, кеңпейил, көп миллетли ўәлаят халқына терең ҳүрмет-иззетин билдирди.

Наўайыда соңғы үш жылда 2 миллиард долларлық ири санаат жойбарларының иске қосылғаны атап өтилди.

Оның нәтийжесинде 10 мыңнан артық жаңа жумыс орны жаратылды, жылына қосымша 1 триллион сум салық түсими ҳәм 100 миллион доллар экспорт пайда болды.

Жақында иске қосылған «Балпан-таў» ҳәм «Тамды-булақ» кәнлеринен жылына 3 миллион тоннадан алтынға бай қазылма қазып алынады.

Сондай-ақ, Наўайы кән-металлургия комбинатында Турбай кәнин кеңейтиў бойынша 130 миллион долларлық жойбар иске қосылыў алдында тур. Пистели кәнинде алтынды қайта ислеў бойынша 275 миллион долларлық жойбар әмелге асырылмақта.

Ендиги жылы 140 миллион долларлық калий сульфат, полиакрил талшық, кептирилген цианит дузын ислеп шығарыў сыяқлы жойбарлар иске қосылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги