Президент сыйлығы ушын өткерилген “Ташаббус -2009” таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында “Ең жақсы жас өнермент” номинациясы бойынша жеңимпаз болған кишкене ғана бул қыздың арадан жыллар өтип, өз белсендилиги менен ел нәзерине түсетуғынлығын ҳеш ким қыялына келтирмеген болыўы мүмкин.
Бирақ, “дойнағында болса, түбинде шығады” дегениндей өнерментлер шаңарағында өсип камалға келген бул қыз буннан кейинги дәўирде де өз искерлигин көрсетип, бир қатар таңлаўларда жеңимпаз болды.
-Бизлер негизи қоңыратлы Досжан шаңырақшының әўладларымыз,-дейди Қундыз Қурбанова.-Атамыз Айтжан үйши өткен әсирдиң басларында Шымбайға көшип келип, халыққа үй соғып сатқан. Әже-апаларымыз болса, керегелерди көклеў менен шуғылланған. Қараүйдиң баў-шуўын дүзеткен. Мен дайы атам Әсенбай үйшиниң қолында тәрбияланғанлықтан, қараүй соғыўдың барлық қыр-сырларын билемен. Себеби, бизлер бала ўақытларымыздан баслап-ақ, ата-апаларымызға өзимиздиң қол көмегимизди беретуғын едик. Сонлықтан болса керек мен қарақалпақ халқының миллий қол өнерин үйрениўге ҳәрекет еттим. 2002-2005-жыллары Шымбай педагогика колледжинде баслаўыш класс ҳәм сүўретлеў өнери бойынша муғаллим қәнигелигинде тәлим алып, районлық Халық билимлендириў бөлиминде, соңынан республикалық “Өнермент” бирлеспесинде жумыс алып бардым. 2009-жылдан берли болса, жеке исбилермен сыпатында жумыс ислеп киятырман.
Мине, сол жылдан баслап қараүй безеўлерин тоқыў, миллий қурақ қураў, ший тоқыў бойынша халқымызға хызмет көрсеткен Қундыз 2020-жылы өз жумысын кеңейтип, “Өнермент орайы” өндирислик кооперативин шөлкемлестирип, 50 адамды турақлы жумыс орны менен тәмийинлеўге еристи.
Атап айтқанда, Бахытлы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы жумыссыз пуқараларды қой жүнин қайта ислеў бойынша жумыс пенен тәмийинлеген болса, “Қызылөзек”те қамыстан ший тоқыў, кийиз басыў, “Майжап”та гүнжиден ийжан ислеўши шеберлерди өз кооперативине ағза етип алған. Сондай-ақ, район орайында жасаўшы 14 үйши менен қараүй соғыў бойынша өз-ара шәртнама дүзген.
-Кооператив ағзалары тәрепинен жылына 40-50 қараүй соғып таярланады. Сондай-ақ, сол үйшилердиң ҳаял-қызлары тәрепинен ҳәр қыйлы қурақ көрпешелер, матраслар, сандықлар соғылады. Бул болса, олардың өз үйинде отырып дәрамат табыўына хызмет етеди,-дейди ол.-Соның менен бирге, бизлер әсбап-үскенелеримизди жаңалаўға ҳәрекет етип атырмыз. Соның ушын Россия ҳәм Пакистан мәмлекетлеринен жүнди түтетуғын, жип ийиретуғын жаңа технологияларды алып келип иске түсирип атырмыз. Бул болса, әлбетте, өндирис көлеминиң артыўына хызмет етеди.
Жақында пайтахтымызда жәмийетте ҳәм турмыста белсенди ҳаял-қызларды анықлаў, олардың алдыңғы тәжирийбелерин кең жәмийетшиликке жеткериў, басқаларға өрнек етип көрсетиў, шаңарақта ҳәм перзент тәрбиясында басқаларға өрнек болып киятырған ҳаял-қызларды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде өткерилген «Жыл ҳаялы» ҳәм «Гендер теңлиги бесендиси» миллий таңлаўларының Қарақалпақстан Республикалық басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтип, онда «Жылдың ең белсенди ҳаялы» номинациясы ҳәм биринши дәрежели диплом менен Шымбай районынан Қундыз Қурбанова сыйлықланыўға еристи.
-Бул хошамет мени және де алға қарай жигерлендиреди,-дейди Қундыз Қурбанова.-Мениң ҳәзирги күндеги тийкарғы мақсетим, Шымбайда этнотуризмди раўажландырыў ҳәм сол арқалы елимизди дүньяға танытыў, қолы гүл өнермент халқымыздың дәраматын арттырыў болып табылады. Буның ушын ҳәр қыйлы туристлик фирмалар менен бирге ислесип, социаллық тармақларда қарақалпақ халқының миллий өзгешеликлерин кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлап атырман.
Германияның Мюнхен, Қытайдың Шанхай қалаларында өз өнери менен халықаралық көргизбелерге қатнасып, сырт еллилер нәзерине түскен “Ўзбекистон Республикаси мустакиллигининг 30 йиллиги” көкирек белгисиниң ийеси Қундыз Қурбанованың еле алға қойған мақсетлери көп. Бул ийгиликли мақсетлер болса, оны айдын келешекке қарай баслай береди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы