Көксин елимиздиң жарқыраған «Дослық» ордени безеген, белгили хирург Сапарбай Қайыповтың атын бүгин Шымбайдың басым көпшилик халқы жақсы таныйды. Егер, усы аймақта кимде-ким аўыр жағдайға түсип, хирургиялық операция  ислениўи керек болса, усы шыпакердиң қолында емленгенди тәўир көреди.

Мақаламыз қаҳарманының ўақтының тығызлығын есапқа алып, оның менен түслик пайытта ушырасыўға  ўәделестик. Бирақ, сәршембиниң сәтли күни операция болыўды қәлеўши емлениўшилердиң көплиги  себепли Сапар врач пенен күн аўа ушырасыўға еристик.

-Ҳәзир үшинши операцияымды ислеп шықтым. Сонлықтан таза ҳаўада азмаз дем алып келип, соңынан сөйлессек болама , -деди ол маған өтинип. Мен келисим бердим. Арадан он минутлар шамасы өткен соң бизлер отырған шыпакерлер ханасына кирип келди. Бирақ, соның арасында изинен бир-неше наўқаслар көриниўге, операция болған ағайинлериниң жағдайын сораўға кирип келип, гүрриңимизди бөле берди.

-Бизиң жумысымыз усындай дейди Сапар аға күле шырай менен. -Мен ҳеш кимниң де кеўлин жыққым келмейди. Себеби, олардың бәри де мениң жыллы сөзим ҳәм жақсы қарым-қатнасыма мүтәж. Шыпакердиң бир аўыз жыллы сөзи оларға ҳәм ағайининен жақсы хабар күтип отырған жақын-жуўықларына мәдет болады. Сонлықтан аўқатланыў ўақты болыўына қарамастан, олар менен сөйлесиўге ҳәрекет етемен.

-Сапар аға бундай дем алыссыз ислей берсеңиз денсаўлығыңызға зыян емеспе,-дедим оған гәп арасында.

-Дурыс усындай қыйын-қыстаў пайытлары аўқатланыўымызға, үйимизге қайтып дем алыўға да пурсат болмай қалады. Мәселен, устазым Мыңбай аға наўқасланып, қыстаўлы медициналық тез жәрдем бөлиминде бир өзим қалған ўақытта төрт күн даўамында дем алмастан операция ислеп, қан басымым 280 ге шекем көтерилип өзим реанимацияға түскен пайытларым болған. Усындайда халқымның мениң ушын ислеген дуўалары себеп шығар, «әжел шеңгели»нен аман қалдым.

Шыпакер наўқас  пенен бирге кеселди жеңип шығыў ушын шын кеўилден ҳәрекет етпесе, онда операция сәтли  шықпайды. Соның ушын мен операция столындағы наўқасым менен бирге жасайман. Ол қыйналса қыйналып, қамсықса қамсығаман. Ҳәси кетсем, қудай кеширсин. Өмиримде бир неше  мәрте Алла-тааламнан усы нәрестениң жасап кетиўи ушын, мениң өмиримнен он жылымды алып бере-ғо деп жалбарынған ўақытларым болды. Соңынан бул туўралы мақсым достым Муўсаға айтсам, Алла-таала саған 130-140 жас берип қойған шығар, қорықпай еле де бир-еки он жылыңнан кешсең болады деп жубатып ҳәзиллеседи.

Шыпакердиң балалығы

Сапарбай Қайыпов 1968-жылы ҳәзирги «Қамысарық» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Қарамаңғыт» аўылында туўылып, дәслеп усы аймақтағы «Энгельс» атындағы мектепте, соңынан өз аўылынан 9 км узақлықта жайласқан «Қызылөзек»теги 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқып тәлим алды.

Кишкене пайытларынан баслап-ақ, кемпир апасы «көзли» Сарыгүлдиң қолында тәрбияланыўы, оның келешекте шыпакер болып жетилисиўине тийкар жаратты.

-Мен анам яки әкем менен бирге жатқанымды ҳеш еслей алмайман,-дейди Сапар аға сол алыс жылларды еске алып.-Бизлер ағам Бахтияр менен бирге әжемиздиң қасында оның айтқан ертек, аңызларын, арзыў-әрманларын  тыңлап камалға келдик. Әсиресе, әжемниң «қәнекей сизлер шыпакер болып, мениң көзимди ашсаңыз, сөйтип мен сизлердиң жүзлериңизди бир көрип өлсем әрманым жоқ деп айтқан сөзлери, маған және Бахтияр ағама хат пенен қәлем болды ҳәм бизлер келешекте шыпакер боламыз деп әжемизге ўәде бердик.. Мен 5-6-класс ўақытларымнан баслап-ақ, өз мақсетиме ерисиў  ушын тынбай оқыўға ҳәрекет еттим. Ҳәттеки, оқыўшы пайытларымда телевизор да көрмейтуғын, жораларым менен бирге клубларға кино ҳәм концертлерге бармайтуғын едим. Бунда мени мектепте баслаўыш класс муғаллимим Клара апа, рус тилинен оқытқан устазым Аня апа, Балимаш апа, химия-биология пәнинен Алламберген Айбергенов, физикадан Тилеген Қошқаров, Шийрин Гүлимбетова, ана тили ҳәм әдебиятынан Жолдасбай Қарлыбаев, математикадан сабақ берген Бекмурат аға Қулмуратов сыяқлы пидайы устазларымның ислеген мийнетлери айрықша болды.

Егерде мен сабақта қандай да бир темаға түсинбей қалсам, оны үйрениў ушын устазларымның үйине кеште болса да кирип барып сорар едим. Олар да маған жалықпастан жатығы менен түсиндирер еди. Соның арқасында мен физика ҳәм химия пәнлеринен олимпиадаларға қатнасып сыйлы орынларды ийелеп, мектепти питкерген жылы-ақ Самарқанд медицина институтының емлеў иси факультетине оқыўға кирдим.

Самарқанд: Илимге кең жол

Биз билемиз Самарқанд медицина институты тек ғана Өзбекстанға емес, ал пүткил аўқамға белгили жоқары оқыў орны есапланатуғын еди. Оған сол жыллары бурынғы аўқамның барлық аймақларынан талабанлар оқыўға тапсырар еди.

Олардың арасында шетки бир аўылдың баласы Сапарбай Қайыпов та бар еди. Соны айтып өтиў керек, ол жыллары институтта миллий топарлар жоқ, сонлықтан оқыўға кириў имтиханлары химия, биология, рус тили ҳәм физика пәнлеринен рус тилинде алынар еди.

Бул болса, аўыллық аймақларда билим алған оқыўшылар ушын әдеўир қыйыншылық туўдырар еди. Бирақ. адамда оқыўға инта ҳәм умтылыс болса, алдыңда ушырасқан барлық қыйыншылықларды жеңип шығыўға болар екен.

Сапарбай Қайыпов әжесине берилген ўәдени орынлаў мақсетинде рус тилинде оқып изленди.

-47 мың сөздиң аўдармасы бар орысша-қарақалпақша сөзликти тасламастан, күни-түни оқып имтиханларға таярландым ҳәм оларды үлгили баҳаларға тапсырып, студент болдым,-дейди Сапар аға.-Студентлик дәўирде лекциялар тек рус тилинде өтилер еди. Сонлықтан өз үстимде еле де көбирек оқып излениўиме туўра келди. Елимиздиң басқа аймақларынан келген рус, еврей, армян, украин, коорейс, өзбек, тәжик досларым менен бирге оқып, олардан қалыспай оқыўға ҳәрекет еттим. Нәтийже жаман болмады. Институтта өтилген барлық пәнлерден ағла баҳалар менен оқыўға еристим. Дослар арттырдым.

Хирургия медицинаның шыңы

Медицина илими данышпанларының айтыўынша «Терапия медицина океаны, хирургия медицинаның шыңы» деп аталар екен. Сонлықтан өз алдына үлкен мақсетлер қойған мақаламыз қаҳарманы медицинаның шыңына шығып, хирург шыпакер болыў ушын пайтахтымыздағы республикалық емлеўханада сол дәўирдиң ең «қолы жеңил» шыпакерлериниң бири Минаж Әметов ҳәм Аманбай Ещановлардың қолында интернатураны өтеди.

1994-жылдан баслап болса, шымбайлы белгили шыпакер Мыңбай Бекмуратовтың изине ерип, оннан хирургияның әлўан түрли сырларын үйренди. Мине соннан берли усы тараўда мийнет ислеп, халықтың алғысына бөленип жүр.

Медицинадағы дәмегөйлик жөнинде жеке пикири

Шымбайға емлеўханаға келгеннен соң устазым Мыңбай аға «Сапар балам операция ислеп болып, ҳеш ўақытта артыңа қарама,  шыпакер изине мойнын бурып қараса онда емлеген адамыңнан бир нәрсе дәметкен боласаң. Соның ушын ҳеш қашан адамға дәметип қарама,»- деген еди.

Устазымның усы сөзи маған өмирлик сабақ болды ҳәм оның нәсиятына бәрҳа садық болып келмектемен. Изиме ерген шәкиртлеримнен де соны талап етемен. Себеби, биреўдиң қыйналып берген саўғасы ҳеш қашан, саған бахыт алып келмейди. Айырым ўақытлары көше-күйде, той-мерекеде жүрсем, мени өзим танымайтуғын адамлар қолымнан услап, маған өзиниң алғысын жаўдырады, үйлерине мирәт етеди. Олардан мен сизди танымады-ғо десем, баяғыда мени операция ислеп едиңиз, соған рахмет айтпақшыман дейди. Бул болса, маған айрықша күш-қуўат бағышлайды. Әсиресе, ҳәр бир операциядан шыққанымда желкемнен таў түскендей, өзимди жеп-жеңил ҳәм қуўанышлы сеземен. Адамларға бийминнет жәрдем көрсетип, олардан шын кеўилден алғыс еситкенге не жетсин.

Быйылғы байрам қуўанышы өзгеше болды

Елимизде ноябрь айының екинши екшембиси медицина хызметкерлери күни сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте. Әсиресе, быйылғы байрам Сапарбай Қайыпов ушын өзгеше қуўанышлы болды. Атап айтқанда ол мәмлекетимизде медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, халықтың саламатлығын исенимли қорғаў, жәмийетте саламат турмыс тәризин беккемлеў бағдарындағы көп жыллық жемисли мийнети, денсаўлықты сақлаў системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, заманагөй емлеў усылларын әмелиятқа енгизиў, тараўға байланыслы бағдарламалардың орынланыўын табыслы әмелге асырыўға қосқан мүнәсип үлеси, жоқары потенциалға ийе қәнигелерди таярлаў жолындағы үлкен хызметлери ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы тийкарында, «Дослық» ордени менен сыйлықланды.

-Сыйлықлаў мәресими Самарқанд қаласында болды,-дейди С.Қайыпов.-Заманласларым қоңыратлы Гүлмира Жумабаева, нөкисли Бакир Айтеков, Қосымбет Камалов, хожелиши Алишер Мадаминов пенен бирге елимиздиң ең жоқары сыйлықларының бирин мәмлекетимиз басшылары қолынан алыўға миясар болдық. Әййемги ҳәм нәўқыран Самарқанд қаласында саяхатта болып, ол жердеги өзгерислер менен таныстық. Муқаддес орынларын зыяратладық. Бүгинги Самарқанд бизлер оқыған дәўирдеги қаладан адам танымастай дәрежеде өзгерип кетипти.

Орденди алып Шымбайға келгеннен соң, устазым Мыңбай ағаның үйине барып, «Дослық» орденин бул сизиң сыйлығыңыз деп оған тапсырдым. Устазымда меннен разы болып, маған өзиниң пәтиясын берди. Бул сыйлық әлбетте, устазыма да, маған да айрықша күш-жигер бағышлады.

Оның үстине барлық Шымбай халқы ҳәм оның басшыларының, ағайин-туўысқан, кәсиплес, дос-яран, қоңсы-қоба ҳәм барлық жақын-жуўықлардың бул жетискенликтен кеўиллери шадлыққа толды.Олардың бул қутлықлаўларынан төбем көкке жетти.



Шаңарағы

Сапарбай Қайыпов өз кәсибиниң маманы болыўы менен бирге шаңарақта әдиўли әке, үлгили өмирлик жолдас, аға-ини ҳәм қарындасларына мийирман туўысқан болып есапланады.

Көп балалы шаңарақта туўылып камалға келген оның бес туўысқаны шыпакер, екеўи мийирбийке, бир ағасы Муҳамматдин техника илимлериниң кандидаты болып жетилисти.

Өмирлик жолдасы Рано Искендерова Шымбай медицина бирлеспесинде, қызы Дилфуза Нөкистеги емлеўханалардың биринде шыпакер болып жумыс ислеп атырған болса, және бир қызы Сайёра ҳәм улы Саламат Қарақалпақстан медицина институтында оқып тәлим алмақта.

Генжетайы Азизбек болса еле мектеп оқыўшысы.

-Жумысыңыз баса-бас екен, шаңарақ ушын қашан ўақыт ажыратасыз деп,-сорадым оннан сөз арасында.

-Ҳәр шемби күни оларға медицина ҳәм тәрбия бойынша сабақ өтемен. Олар да айтқанымды тыңлап жақсы адам болыў ушын умтылады-дейди ол.

Бүгинги медицина туўралы азы-кем пикир

Бизлер жумысқа келген жыллары Шымбай емлеўханасында дәри-дәрмақ  емес, ал, пахтаны табыўдың өзи қыйын еди. Наўқаслардың кәтлери тозып, адамлар үйлеринен төсек алып келетуғын, олардан қысынғанымнан кәтлердиң сөтилген сымларын, бос ўақытларымда атаўыз бенен жалғайтуғын едим.

Ал, ҳәзир болса, медицина тараўына Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен кең қолайлық жаратылып берилмекте. Әсиресе, Шымбай районлық медицина бирлеспесине алып келинип атырған заманагөй медициналық әсбап-үскенелер ҳәм ҳәр қыйлы дәри-дәрмақларды көрип, оғада қуўанып кетемен. Республика ҳүкиметине рахмет. Медицина хызметкерлериниң ислеўи ушын барлық қолайлы шараятларды жаратып бермекте. Бизлерден тек ғана халыққа ҳадал, жуўапкершилик пенен хызмет етиў талап етилмекте. Усындайда шәкиртлеримнен бундай имканиятлардан пайдаланып қалың деймен.

Бәнтбасар

Бүгинги мақаламызда шымбайлы әпиўайы хирург шыпакердиң келбетин ашыўға ҳәрекет еттик. Мақаламызға бәнтбасар сыпатында болса, сол ўақытта операциядан шыққан 83 жасар Дүйсенбай Бузаўбековтың алғыс сөзин таңладық.

-Мен алыс Бозатаў аўылында тураман.,-дейди ол. Қуўығымның қасында көктамыр пайда болып, аўыртып жүрген еди. Берекет тапқыр Сапар врачтың ислеген операциясының арқасында бул бәледен қутылдым. Баламыз «Дослық» орденин алған екен, бизлер оны шын жүректен қутлықлаймыз. Президентимиздиң сыйлығы өзиниң ҳақыйқый ийесин тапқанынан оғада қуўанышлымыз. Илайым, Сапар баламыз бәрҳа алдымызда аман жүрип, халқымыз ушын хызмет ете берсин.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы