Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-июльдағы «Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, агентликке өсимликлер карантини, оны қорғаў ҳәм агрохимиялық тараўларда бирден-бир мәмлекетлик сиясат ҳәм қадағалаўды әмелге асырыў ўазыйпалары жүкленген.

Сондай-ақ, агентликке топырақлардың агрохимиялық анализлерин өткериў ҳәм аўыл хожалығына жеткерип берилетуғын барлық түрдеги минерал ҳәм микробиологиялық төгинлердиң сапасын қадағалаў, топырақ ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң қурамындағы пестицид, нитрат ҳәм аўыр металлы дузлардың қалдықларын дала шараятында радиологиялық-токсикологиялық анализлерден өткериў ўазыйпалары да белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм топырақтың агрохимиялық  карталарын таярлаў ушын топырақ  үлгилерин алыў мақсетинде быйыл 14-ноябрьден 28-ноябрьге шекем «Әҳмийетли он бес күнлик» жәрияланды.

– Ҳәзирги ўақытта агентлик қурамындағы агрохимиялық анализ орайы тәрепинен усы илаж шеңберинде агрокластерлер, фермер ҳәм дийқан хожалықларына,  қыйтақ жер ийелерине топырақтың агрохимиялық картасын таярлаў ушын топырақ үлгилерин  алыў илажларының әҳмийети ҳаққында түсиниклер берилип, үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылмақта,-дейди усы агентликтиң баспасөз хаткери М.Пирниязова. – Орай тийкарынан аўыл хожалығы егислик жерлериниң топырақларын ҳәм аўыл хожалығында қолланылатуғын минерал ҳәм органикалық төгинлерди агрохимиялық анализден өткериў жумысларын әмелге асырады.

Анализлердиң нәтийжелери бойынша жерден пайдаланыўшыларға агрохимиялық, илимий тийкарланған картограммалар ислеп шығады. Егислик майданларға қолланылатуғын минерал төгинлер агрохимиялық анализден өткерилип, олардың мәмлекетлик стандарт талапларына жуўап бериўи тексериледи ҳәм тийисли жуўмақлар бериледи.

Сондай-ақ, орай тәрепинен топырақ ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң қурамындағы пестицид, нитрат ҳәм аўыр металлы дузлардың қалдықларын дала шараятында радиологиялық-токсикологиялық анализден өткериў жумыслары алып  барылады. Егер топырақта зыянлы элементлер менен патасланыў дәрежелери анықланған жағдайда, оның зыянлы тәсирин сапластырыў мақсетинде мәмлекетлик басқарыў уйымлары, тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлерге мағлыўматлар киргизилип, усыныслар бериледи.

Қарақалпақстан Республикасы агрохимиялық орайы тәрепинен усы жыл 22-ноябрьге шекем жерден пайдаланыўшы 1746 кластер, фермер хожалығы ҳәм басқа да субъектлер менен 121298,6 гектар жер ушын шәртнамалар дүзилди.

Усы шәртнамаларға тийкарланып жерден пайдаланыўшы 1242 кластер, фермер хожалықлары ҳәм басқа да субъектлердиң 80535 гектарлық егислик жерлеринен агрохимиялық анализ ислеў ушын топырақ үлгилери алынды. Жерден пайдаланыўшы 982 кластер, фермер хожалықлары ҳәм басқа да субъектлердиң 65804 гектарлық егислик жеринен алынған үлгилер анализленди.

Агрохимиялық анализ ислеў лабораториясында өткерилген анализ нәтийжесине тийкарланып жерден пайдаланыўшы 724 кластер, фермер хожалықлары ҳәм басқа да субъектлердиң 53109 гектарлық егислик жерлери ушын картограммалар ислеп берилди.

Сондай-ақ, орай тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-марттағы 179-санлы қарары тийкарында 2022-2023-жылларда пахта майданларында топырақ өнимдарлығын арттырыў ҳәм экологиялық жағдайын жақсылаў ушын субсидия ажыратыў тәжирийбеси сынақтан өткерилетуғын Елликқала районындағы 9600 гектарлық пахта майданларына картограммалар ислеп берилди.

Соның менен бирге, орай тәрепинен мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестирилген 387 кластер ҳәм фермер хожалықларының 13286,1 гектарлық жеринен алынған үлгилерге агрохимиялық анализлер өткерилди. Сондай-ақ, арнаўлы «жол карта»ға муўапық орай тәрепинен минерал төгин жеткерип бериўши ҳәм пайдаланыўшы 6 шөлкем менен минерал төгинлердиң анализин өткериў ушын 119 үлгиге, 44 миллион 203 мың сумлық шәртнамалар дүзилип, тийисли жуўмақлар берилди.

Топырақтың агрохимиялық анализин өткериўден тийкарғы мақсет – аўыл хожалығының егислик жерлеринен сапалы ҳәм мол өним жетистириў болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги