Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде еркин гүрес ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша Өзбекстан чемпионаты жуўмақланды.
Жарыстың соңғы күни еркин гүрес бойынша ерлер арасында он салмақ категориясында жеңимпазлар анықланды. Атап айтқанда, өз салмақ категорияларында Ташкент қаласындағы Олимпия резервлери спорт мектебинен Бабур Исламов, Махсуд Вейсалов, Зафар Атажанов, Ғуламжан Абдуллаев, Ташкент ўәлаятынан Нодиржан Сапаров, Бухара ўәлаятынан Умиджон Жалалов, Ташкент қаласынан Иляс Бекполатов, Сардор Холматов, Қарақалпақстан Республикасынан Арысланбек Жумабаев ҳәм Әжинияз Сапарниязовлар биринши орынларды ийелеп, Өзбекстан чемпионлары болды.
Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери