Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң 2022-жылдың тоғыз айында орынланыў жуўмақлары ҳаққындағы есабатты көрип шықты.
Бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы қаржы министри Тимур Ишметов мәлимлеме берди.
Мәжилисте атап өтилгенидей, Мәмлекетлик қаржыны қадағалаў инспекциясы тәрепинен 2022-жылдың 9 айы даўамында өткерилген қадағалаў илажлары нәтийжесинде жәми 704,9 миллиард сумлық бюджет қаржылары нызамсыз ҳәм мақсетсиз жумсалған. Буннан ҳәр бир министрлик ҳәм уйымларда шөлкемлестирилген Ишки-аудит басқармасы тәрепинен қәўиплерди анықлаў ҳәм олардың нәтийжелерин таллаў ҳәм турақлы қадағалаў ислери дурыс шөлкемлестирилмегени көринип тур. Соның нәтийжесинде бюджет қаржыларын өзлестириў ямаса нызамсыз жумсаў жағдайлары азаймай, жылдан-жылға артып бармақта.
Халық ўәкиллери тәрепинен министрликлер менен уйымлардың Ишки-аудит басқармасын қайта көрип шығыў, адамларды оқытыў. олардың потенциалын арттырыў ҳәм қадағалаў жумысларын муўапықластырыў бойынша усыныслар билдирилди.
Буннан тысқары, ҳүкимет есабатын додалаў даўамында депутатлар айырым тараўларда өз ўақтында өзлестирилмей қалып атырған бюджет қаржылары ақыбетинде нәзерде тутылған илажлар кешигип атырғаны бойынша тийкарлы наразылық ҳәм сораўларды ортаға таслады. Сондай-ақ, аймақларда алып барылған үйрениўлер даўамында сайлаўшылар тәрепинен көтерилген таза ишимлик суўы, ишки жол, медицина ҳәм халық билимлендириўи траўларына байланыслы бир қатар мәселелер бойынша жуўапкерлерге сораўлар берди. Мәселен, депутат Музаффара Абдиева медицина тараўына қаратылған қаржылар толық өзлестирилмей атырғаны себепли эндокринология, аналарды ҳәм балаларды зәрүр витаминлер менен тәмийинлеў сыяқлы тараўларда белгиленген жумыслар толық әмелге асырылмағанын атап өтти.
Қызғын пикир таласлардан соң Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң 2022-жыл 9 айдың жуўмағы ҳаққындағы есабатты тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етти.
Мәжилисте «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқылыўда көрип шығылды.
Бул ҳүжжет 2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлери қәрежетлериниң мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы, елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажлардың өз ўақтында қаржыландырылыўын тәмиийнлеўге хызмет етеди.
Додалаўларда билдирилген пикир-усыныслардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде депутатлар тәрепинен «Қорғаў жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
Бул ҳүжжет пенен қорғаў жумысына байланыслы айырым нормаларды «Қорғаў жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына муўапықластырыў ушын «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳаққында»ғы нызамларға, сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта.
Пикир-усыныслар ҳәм додалаўлардан соң бул нызам жойбары үшинши оқылыўда қабыл етилди.
Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, 2019-2022-жылларда 285 тен зыят жағдайда медицина хызметкерлерине ҳәр қыйлы формада топылыс жасалған. Бундай жағдайларды сапластырыў мақсетинде «Медицина хызметкериниң жумысына тосқынлық еткени ушын жуўапкершилик белгилениўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылған еди.
Нызамшылық палатасының мәжилисинде бул нызам жойбары да көрип шығылды. Атап өтилгениндей, жойбарға бола, «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы нызам жаңа статья менен толықтырылып, онда «медицина жумысы», «медициналық жәрдем» түсиниклерин ашып бериўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс өз алдына 197-7-статья менен медицина хызметкериниң нызамлы медициналық жумысына тосқынлық етиўге байланыслы жағдайларда жуўапкершиликти, бул иске байланыслылығы ҳәм оны көрип шығыў мүддетлерин белгилеў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, медицина хызметкериниң нызамлы медициналық жумысына тосқынлық етиў ямаса сол мақсетте хызметкерге ҳәр қыйлы нызамсыз түрде тәсир етиў пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бес есесинен жети есесине шекем, лаўазымлы адамларға болса жети есесинен он есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға ямаса он бес сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылатуғыны белгилеп қойылмақта.
Депутатлардың атап өтиўинше, нызам жойбарының қабыл етилиўи медицина хызметкерлериниң ҳуқықларын қорғаў ҳәм олардың кәсиплик жумысына ҳәр қыйлы араласыўлардың алдын алыўға, шыпакерлик кәсибиниң статусын ҳәм абырайын арттырыўға хызмет етеди.
Депутатлар нызам жойбарын биринши оқыўда қабыл етти.
Мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине бала ҳуқықларын қорғаўды буннан былай да күшейтиўге қаратылған өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқылыўда көрип шығылды.
Оған бола, «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясы жаңа бөлим менен толықтырылып, онда әкеси ямаса анасының орнын басатуғын адам ямаса жолдаслық етиўши адам тәрепинен баланың сырт ел аймағында қадағалаўсыз қалдырылыўы нызамшылыққа муўапық жуўапкершиликке себеп болатуғыны белгиленбекте.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик кодекси баланы сырт ел аймағында қадағалаўсыз қалдырыў ҳаққындағы 47-6-cтатья менен толықтырылмақта. Бул қосымшаға муўапық, әкеси ямаса анасы яки олардың орнын басатуғын адам ямаса жолдаслық етиўши адам тәрепинен баланы сырт ел аймағында қадағалаўсыз қалдырыў базалық есаплаў муғдарының он есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
Усынылып атырған нызам жойбарына муўапық, Жынаят кодексине 122-1-статьяның киргизилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексиниң 345- ҳәм 381-2-статьяларында жынаят исиниң тергеўге тийисли екенине анықлық киргизилип, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў ислери ишки ислер уйымлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленбекте.
Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қызғын додаланып, қабыл етилди.
Буннан тысқары, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Өсимликлерди қорғаў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының Бюджет кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы әдиллик уйымлары системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарлары көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы