Өзбек ҳәм түркмен халықлары әзелден дос, туўысқан, тарийхы, мәденияты, арзыў-үмитлери бир-бирине жақын болған халықлар  болып есапланады.

Өз-ара тарийхый-мәдений байланыслар өзбек ҳәм түркмен халықларының арасындағы көп әсирлик дослықтың беккем тийкары болып келмекте.

Президентимиз Шавкат Мирзиёетиң «Өзбек ҳәм түркмен халықларының дослық фестивалы қатнасыўшыларына» жоллаған қутлықлаўында атап өткениндей, шын дослық ҳәм жақын қоңсышылық байланысларын буннан былай да күшейтиўге қаратылған бул әҳмийетли илаж ел-журтымыздың улыўма жақсы нийейетлери ҳәм арзыў-умтылыслары бирдей екенин және бир мәрте айқын тастыйықлайды.

Усы күнлерде дос Түркменстанның Ташаўыз қаласында Өзбек ҳәм түркмен халықлары фестивалы жоқары дәрежеде, ҳақыйқый дослық, көркем өнер ҳәм мәденият байрамы сыпатында өткрелигени бул пикирлерди және бир мәрте тастыйықлайды.

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң мәлимлеме хызметине қарағанда, фестиваль рәңбәрең концертлер, дөретиўшилик ушырасыўлар, сөйлесиўлер, көркем, әмелий көркем өнер көргизбелерине, кино ҳәм театрлардың илажларына бай болды.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан мәденият ҳәм көркем-өнер шеберлери менен биргеликте концерт бағдарламалары бәршеде үлкен тәсир қалдырды. Онда өзбек ҳәм түркмен нама-қосықлары жаңлады. Қатнасыўшылар өзлери сүйип тыңлайтуғын қосықларды өзбек қосықшылары менен бирге атқарды.

Еки халықтың уллы ойшыл шайырлары – Әлийшер Наўайы ҳәм Мақтымқулының қосықларынан үлгилер оқылып, миллий аяқ ойынлар атқарылды.

Дослық фестивалы шеңберинде 17-ноябрь күни Ташаўыз қаласындағы Ташаўыз ўәлаяты китапханасында Өзбекстан ҳәм Түркменстан жазыўшы-шайырларының дөретиўшилик ушырасыўы болып өтти. Онда еки мәмлекет басшыларының жоқары итибары, қоллап-қуўатлаўы ҳәм жәрдеми менен шөлкемлестирилген усы өзине тән дослық байрамының әҳмийети ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди. Дослық байрамының халықларымыздың мәденияты, көркем өнери ҳәм әдебиятының раўажланыўында кең имканиятлар ашқан, өз-ара бирге ислесиўге жаңа пәт бағышлаған илажлардың логикалық даўамы сыпатында үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.

Сол күни Ташаўыз ўәлаяты Дилевар аўылындағы мәденият үйинде еки мәмлекет кино атқарыўшыларының дөретиўшилик ушырасыўы ҳәм өзбек-түркмен фильмлери менен таныстырыў болып өтти. Атап айтқанда, Өзбекстан тәрепинен тамашагөйлердиң итибарына «Ҳаял тәғдири» фильми усынылды.

Фестивальдың салтанатлы жабылыў мәресими болса Ташаўыз қаласындағы Нурмуҳаммад Андалаб атындағы музыкалы театрда болып өтти.

Онда өзбек ҳәм түркмен халықларының дослық фестивалы қатнасыўшыларының Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа мүрәжаты оқып еситтирилди.

Мүрәжаттан соң түркмен атқарыўшылары тәрепинен «Иқрар Оташи» спектакли көрсетилди.


Соның менен өзбек ҳәм түркмен халықларының дослық фестивалы жуўмақланды. Бул дослық фестивалы өзбек ҳәм түркмен халықлары арасындағы дослық, татыўлық байланыслары кейинги жылларда раўажланыў басқышына шыққанын және бир мәрте көрсетти.

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы