Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен пайтахтымыздағы «Халықлар дослығы» майданында «Муққаддесдур Ўатан байрағы» сүрени астында байрам илажы болып өтти.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен шөлкемлестирилген бул илажға зыялылар, жазыўшы ҳәм шайырлар, руўхыйлық үгит-нәсиятшылар, педагоглар, студент-жаслар қатнасты.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы Миножиддин Мырза ҳәм басқалар халқымызды уллы мақсетлер жолында бирлестириў, жасларда миллий ўатанды сүйиў сезимлерин қәлиплестириўде мәмлекетлик нышанлар қабыл етилген күнлерди байрам сыпатында кеңнен белгилеў өзиниң унамлы нәтийжесин берип атырғанын атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик герби, байрағы ҳәм гимни халқымыз, әсиресе жаслардың Ўатанды сүйиў, бай тарийхымызға, миллий өзлигимизге терең ҳүрметин қәлиплестириўде, перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме бәркамал ҳәм жетик инсанлар болып камалға келиўинде әҳмийетли тәрбиялық қурал болып хызмет етпекте.

Бул муқаддес нышанларымыз мәрдана ҳәм мақтанышларға бай өтмишимиз, миллий дәстүр ҳәм қәдриятларымыз, тынышлық-татыўлық, миллетлер аралық татыўлық ҳәм дослық сыяқлы улыўмаинсаныйлық сезимлерди өзинде жәмлеген.











Байрам илажларында әскерий бөлим әскерлери, курсантлар ҳәм «Темурбеклер мектеплери» оқыўшыларының қатнасыўында ўатанды сүйиў темасында қосықлар және әскерий жаўынгерлик өнери үлгилери тийкарында сахналық көринислер усынылды.

Өзбекстан Республикасы қорғаныўға жәрдемлесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми ҳәм басқалар бирге ислесиўши уйымлар менен биргеликте Ташкент қаласындағы орайлық көшелерде Мәмлекетлик байрақ орнатқан ҳалда «Ватанпарвар автокәрўаны» шөлкемлестирилди. Атлылардың қатары Ўатанымыз байрағын бәлент көтерген ҳалда қала көшелери бойлап жүрди.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен таңлаўлар өткерилген еди. Байрам мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажда «Муққаддесдур Ўатан байрағы» және «Инсан қәдири ушын» дүркиминдеги видеороликлер таңлаўының жеңимпазлары салтанатлы түрде сыйлықланды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Көркем өнер академиясы менен биргеликте «Реңлерде сәўлеленген Ўатан жыры» темасында сүўретлер ҳәм «Ўатан жыры жаңлар қәлбимде» онлайн интеллектуал таңлаўы өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Мәмлектелик байрағы қабыл етилген күн мүнәсибети менен мәмлекетимиздиң барлық орынларында ҳәр қыйлы илажлар, әнжуманлар, спорт жарыслары болып өтпекте.

«Халықлар дослығы» майданында халқымыз сүйген көркем өнер шеберлери тәрепинен кеңейтилген концерт бағдарламасы болып өтти.

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы