Түркменстан парламенти төменги палатасы тәрепинен (Межлис) бир қатар қала, район ҳәм аўылларды қайтадан атаў бойынша қарар қабыл етилди. Бул орынлар мәмлекеттиң биринши Президенти Сапармурат Ниёзов ҳәм оның анасы Гурбансултан эже аты менен аталатуғын еди. Межлистиң бул қарары екшемби күни шығатуғын «Нейтральный Туркменстан» газетасында жәрияланды, деп хабар бермекте «ТАСС» агентлиги.

Ҳүжжетте жазылыўынша, өзгерис мәмлекеттиң аймақлық-ҳәкимшилик дүзилисин және де жетилистириўге қаратылған болып, елатлы пунктлерди экономикалық раўажландырыў мақсетинде қала, район ҳәм ўәлаятлар ҳәкимшилигиниң усынысы есапқа алынған ҳалда әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, қарарға муўапық, С.А.Ниёзов атындағы район, Шабаттағы Ниёзов қаласы, Бедиркенттеги Сапармурад Ниёзов атындағы аўыл кеңеси, Гизилжагаладағы Гурбансултан эже атындағы аўыл кеңеси, Галлачидағы Сапармурад Ниёзов атындағы аўыл ҳәм Андалиптағы Гурбансултан эже қаласы қайтадан аталады. Буннан тысқары, Отамурад аға «Сапармурад Ниёзовтың әкеси» аўылы Галалигир, деп аталады.

Мәмлекеттиң аймақлық-ҳәкимшилик дүзилисин және де жетилистириў мақсетинде 20 дан аслам елатлы пункттиң мәнзили қайта аталады. Сондай-ақ, алты район, район статусындағы бес қала ҳәм бир неше елатлы пункт  ҳәкимшилик-аймақлық бирликлер дизиминен шығарылады.

Түркменстанның биринши Президенти «Туркменбаши» ҳүрметли статусына да ийе Сапармурад Ниёзов мәмлекетти 1990-2006-жыллары басқарған.

ӨзА