Самарқандта Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер саммити басланды.
Онда Президент Шавкат Мирзиёев шығып сөйлемекте.
– Ҳәзирги күнде ҳәммемиз кескин геосиясий келиспеўшиликлер, глобал экономикалық кризис ҳәм климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлери менен байланыслы қыйын сынақларды басымыздан өткермектемиз.
Сол себепли ҳәзирги қәўетерли жағдайдан ең әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша мәмлекетлеримиз улыўма қатнасықларды белгилеп алыўы, ҳәрекетлерди үйлестириўи оғада зәрүр.
Биз ҳәр қандай қыйыншылықларды дослық, бирге ислесиў ҳәм бир-биримизди қоллап-қуўатлаў арқалы жеңип өте аламыз,-деди Шавкат Мирзиёев.
Президентимиз кейинги бир жыл даўамында Шөлкемге Түркияның басшылығы ўақтында ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылғаны, өз-ара бирге ислесиўимиз және де жеделлескенин айрықша атап өтти.
– Өзбекстан да өзиниң басшылығы дәўиринде «Түркий дүнья нәзери-2040» концепциясы ҳәм бүгин қабыл етилип атырған «Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бес жыллық стратегиясы»н нәтийжели әмелге асырыў, 170 миллионнан артық халық жасайтуғын үлкен регионды өз ишине алған Шөлкемимиздың абырайын және де беккемлеў ҳәм ең тийкарғысы – тарийхы, тили ҳәм мәденияты бирдей болған туўысқан халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди жоқары басқышқа алып шығыў нийетиндемиз,- деди Президент Шавкат Мирзиёев.
ӨзА