Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы тәрепинен шөлкемлестирилген «Мәҳәллелерде танылған талант» атамасындағы биринши ҳәм екинши онлайн таңлаўларының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Әбдиев, «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының бас редакторы, жойбар басшысы Г.Палўанова шығып сөйлеп, таңлаўдың мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў арқалы мәҳәллелердеги социаллық жәрдемге мүтәж болған қатлам, әсиресе ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың қызығыўшылығы менен мақсетлерин үйрениў, олардың дөретиўшилигин қоллап-қуўўатлаў арқалы кең жәмийетшиликти таныстырыў мақсетинде өткерилген таңлаўда «Бақсышылық», «Қосықшылық», «Көркем оқыў» ҳәм «Хореография» бағдарлары бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Атап айтқанда, «Бақсышылық» бағдары бойынша Нөкис районы Саманбай аўыл пуқаралар жыйынынан Зулқумар Елиўбаева, Хожели районы Мустақыллық аўыл пуқаралар жыйынынан Бийбиназ Жақсымуратова, «Қосықшылық» бағдары бойынша Нөкис қаласы Телеорай мәкан пуқаралар жыйынынан Бахыт Қыдырбаев, Шоманай районы Тазабазар мәкан пуқаралар жыйынынан Алпамыс Дүйсенбаев, «Көркем оқыў» бағдары бойынша Нөкис қаласы Узынкөл мәкан пуқаралар жыйынынан Қуўаныш Дәўлетмуратов, Нөкис районы Саманбай аўыл пуқаралар жыйынынан Ислам Зинхайдаров, «Хореогграфия» бағдары бойынша Нөкис қаласы Дослық гүзары мәкан пуқаралар жыйынынан Алтынай Әбдикеримова, Нөкис қаласы Нәўпир мәкан пуқаралар жыйынынан Узақберген Жақсылықовлар жеңимпаз болды.

Өткерилген биринши ҳәм екинши онлайн таңлаўларға «Тынышлық-уллы байлық», «Миллетлер аралық татыўлық-уллы қәдирият», «Ғәрезсиз ел перзентимен», «Дөретиўшилигимде Ўатан тымсалы» идеяларын өзинде жәмлеген жүзге шамалас дөретиўшилик жумыс келип түскенлигин атап өткен орынлы. Олар қәнигелерден дүзилген төрешилер қурамы тәрепинен көрип шығылып, жеңимпазлар анықланды.

«Мәҳәллелерде танылған талант» атамасындағы онлайн таңлаўы келеси жылдың январь айына шекем даўам етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.