Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O‘zLiDeP фракциясының ағзасы Баҳадыржан Сидиқовтың басламасы менен өзи сайланған Нөкис қаласындағы Әмиўдәрья, Жийдели байсын, Анасай ҳәм Саманбай мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы нуранийлардың Бухара ҳәм Самарқанд қалаларына саяхаты шөлкемлестирилди.

Кексе әўлад ўәкиллерине ҳүрмет-иззет көрсетиў халқымызға тән алға пазыйлетлерден бири болып табылады. «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар кеңнен ен  жаймақта. Күн сайын жүз берип атырған унамлы өзггерислер, халықтың абаданлығы жолындағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳәр биримизди қуўандырады. Халқымыз нуранийларға ҳәмийше ҳүрмет көрсетип келмекте.

Илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, кексе әўлад ўәкиллерин ҳүрметлеў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан ибарат. Саяхат даўамында нуранийлар Бухара ҳәм Самарқанд қалаларының дыққатқа ылайық орынларын зыяратлады.

Бундай айрықша итибары ушын депутатқа өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.