Ташкент қаласы ҳәкимлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше «Жеңис бағы» естелик комплексиниң кирер жеринде шөлкемлестирилген Медицина хызметкерлери естелик қыябанында терек егиў акциясы болып өтти.

Ҳәр бир теректиң алдына пандемияда қайтыс болған медицина хызметкериниң аты жазылған кишкене тақтай орнатылды. Акция баслаўшысы –  Өзбекстан Ландшафт өнери ассоциациясының директоры Татьяна Югайдың айтыўынша, бул рет жәми 90 түп терек егилген болып, өткен жылдың гүзинде 60 түп терек егилген еди. Пандемия дәўиринде жәми 600 медицина хызметкери жанын пидә еткен, қалған 450 адамның естелигине де тереклер егиледи.

Алмазар районы ҳәкиминиң орынбасары Толқын Тешаев болса ҳәкимлик бул ийгиликли басламаны қоллап-қуўатлап, нәллерди сатып алыўға жәрдем бергени, Абаданластырыў хызмети ҳәм Миллий гвардия хызметкерлери болса тереклерди тигиў ушын өз алдына шуқырлар қазып бергенин билдирди.

Терек егиў акциясына пайтахт халқы ҳәм медицина хызметкерлериниң туўысқанлары, кәсиплеслери қатнасты.

ӨзА