«Раўажланыў стратегиясы» орайы басшысы Элдор Туляков басшылығындағы экспертлер Европа мәмлекетлериниң изертлеў орайларының тәжирийбесин үйрениў, жетекши «ақыл орайлары» менен бирге ислесиў байланысларын орнатыў мақсетинде Швецияда болып тур.

 Сапар етиў барысында Өзбекстан ҳәм регионымыздағы процесслерге қызығыўшылық билдирип атырған сиясатшылар, парламент ағзалары, дипломатиялық корпус ҳәм бизнес ўәкиллери және илимий-изертлеў институтлары, изертлеў мәкемелериниң изертлеўши-экспертлери менен бир қатар ушырасыўлар өткериў режелестирилген.

Соның ишинде,  31-октябрь күни Орай делегациясы Швеция пайтахты Стокгольм қаласында «Глобал суў бирге ислесиўи» (Global Water Partnership) шөлкеминиң бас атқарыўшы директоры  Дарио Сото-Абрил менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў Өзбекстан Республикасының Швеция Патшалығындағы елшиханасы және ЕҚБШның Өзбекстандағы ўәкилханасы жәрдеминде шөлкемлестирилди. Онда «Раўажланыў стратегиясы» орайының басшысы Элдор Туляков Өзбекстанда экология, қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм бул бағдарда халықтың хабардарлығын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған  реформаларға ҳәр тәреплеме тоқтап өтти.

«Глобал суў бирге ислесиўи» шөлкеминиң бас атқарыўшы директоры Дарио Сото-Абрил суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўдың әҳмийетине тоқтап өтип, бул процесс социаллық-экономикалық  раўажланыўға тиккелей байланыслы екени, атап айтқанда, онда шөлкем дүньяның жетпистен аслам мәмлекети менен ҳәр қыйлы жойбарларды әмелге асырып атырғанын атап өтти.

Өз орнында Дарио Сото-Абрил Өзбекстанда  қоршаған орталықты қорғаў, суў, жер ҳәм басқа да ресурслардан нәтийжели пайдаланыў жолында алып барылып атырған реформаларға унамлы баҳа берди ҳәм толық қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Буннан тысқары, Дарио Сото-Абрил Өзбекстан тәрепинен алып барылып атырған жедел прагматикалық сыртқы сиясат, әсиресе, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды регионаллық дәрежеде алға қойып атырған басламалар, трансшегаралық бирге ислесиўдиң раўажланып атырғаны, суўдан нәтийжели пайдаланыў бойынша мәмлекетлер арасында өз-ара бирге ислесиў раўажланып атырғаны айрықша атап өтти.

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлеринде де толық көрсетилгенин атап өтиў керек. Өзбекстан да дүньяның басқа да мәмлекетлери қатарында турақлы,  кең көлемли ҳәм басқышпа-басқыш экономикалық өсим, социаллық интеграция және қоршаған орталықты қорғаў, сондай-ақ, жер жүзинде тынышлық және қәўипсизликти тәмийинлеўге жәрдемлесиў миннетлемесин алған.

Ушырасыў соңында «Глобаллық суў бирге ислесиўи» шөлкеми және «Раўажланыў стратегиясы» орайы менен биргеликте экология, қоршаған-орталық, тәбийғый ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, бул тараўда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтлары және жеке сектор ушын тәжирийбе ҳәм көнликпелерди арттырыў бойынша ҳәр қыйлы тренинглер шөлкемлестириўге келисип алынды.

ӨзА