Мойнақ районы Мәлимлеме китапхана орайында «Infolib – 2022» XI миллий мәлимлеме-китапхана ҳәптелигиниң салтанатлы ашылыўына бағышланған илаж болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен кешеге район Мәлимлеме китапхана орайының хызметкерлери, дөретиўшилик шөлкемлердиң  ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери, Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң китапханашылары, муғаллимлер, китапқумар оқыўшы-жаслар мирәт етилди.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, «Дослық» ордени ийеси, шайыр Күнсулыў Насырова ҳәм басқалар елимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң халқымызды ең китапқумар миллетке айландырыў бағдарындағы ийгиликли ислери себепли усындай руўхый-ағартыўшылық ҳәптеликлер жоқары дәрежеде өткерилип атырғанын атап өтти.

Он биринши мәрте өткерилип атырған бул ҳәптелик китап оқыў мәдениятын раўажландырыў, китапханашылық тараўындағы ең жақсы жумыс тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў, китапханалардағы ең жақсы ҳәм жаңа имканиятлар менен жақыннан таныстырыў сыяқлы мақсетлерге бағдарланған.

Илажда сәне мүнәсибети менен иллюстративлик китаплар көргизбеси шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.