Өзбекстан Транспорт министрлиги, «Өзавиация» агентлиги, «Өзаэронавигация» орайы МУК, «Uzbekistan Airports» АЖ, «Өзгидромет» ўәкиллеринен ибарат мәмлекетимиз делегациясы Аўғанстанда Мавлоно Жалолиддин Балхий атындағы Мозари-Шариф халықаралық аэропортының жумысын тиклеў бойынша техникалық жәрдем көрсетиў процеси жуўмақланыўына байланыслы мәресимге қатнасты.

Белгили болғанындай, Өзбекстан қоңсылас Аўғанстанның экономикалық тиклениўине, транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасын қәлиплестириўге үлкен үлес қоспақта. Еки мәмлекет өз-ара саўда-экономикалық байланысты буннан былай да раўажландырыў, перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған бир қатар басламаларды алға қоймақта.

Мозари-Шариф халықаралық аэропортының жумысын қайта жолға қойыўда көрсетилген техникалық жәрдем усындай басламалардың және бир айқын көриниси болды. Хабарыңыз бар мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола, өткен жылы Транспорт министрлиги, «Өзавиация» агентлиги, «Өзаэронавигация» орайы МУК, «Uzbekistan Airports» АЖ, «Өзгидромет» ўәкиллеринен ибарат Уйымлараралық комиссия тәрепинен Мозари-Шариф халықаралық аэропортының техникалық жағдайы үйренилген ҳәм зәрүр илажлар белгиленген еди.

Аўғанстанның Балх ўәлаяты Мозари-Шариф қаласында болып өткен әнжуманда аэропорттың жумысын тиклеў бойынша техникалық жәрдем көрсетиў жойбары басқышпа-басқыш әмелге асырылғаны, қысқа ўақыт ишинде аэропорт ҳәптесине 4 жергиликли 1 халықаралық ҳаўа қатнаўына хызмет көрсете баслағаны атап өтилди.

Илаж қатнасыўшылары пайдаланыўға тапсырылған объекттиң толық имканияты, комплексте жаратылған шараят, аэропорттағы хызмет көрсетиўдиң сапасы менен жақыннан танысты. Бул жерде өткен дәўир ишинде республикасмыздың тийисли министрлик, уйымлары тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылғанын атап өтиў керек,. Соның ишинде, ҳаўа ҳәрекетине хызмет көрсетиў, пәрўазды радиотехникалық жақтан тәмийинлеўге ерисилди.

Техникалық тәмийинлеў бағдары бойынша Мозари-Шариф аэродромының ушыў-қоныў коридорының қапламасы, ҳаўа кемелери ушын бурылыс коридорлары ҳәм тоқтап турыў орынларындағы белгилердиң бояўы толық жаңаланды. Қалаберсе, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ тәрепинен аймақтың электр ҳәм жақтылық-техникалық тәмийнаты заманагөй талап дәрежесине келтирилген.

Аўған тәрепи ўәкиллери дослықты беккемлеўге тийкарланған бул басламаны Өзбекстан тәрепинен қоңсылас мәмлекетлер менен дослық, өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў жолында алып барылып атырған ҳәрекеттиң логикалық даўамы, деп қабыл ететуғынын атап өтти.

– Бәринен бурын, миймандос, аўған жериниң жапакеш халқына бәрқулла ийинлес бола алатуғын Өзбекстан Президентине миннетдаршылық билдиремен, – деди Аўғанстан ўақытша ҳүкимети сыртқы ислер министриниң орынбасары Шер Муҳаммад Аббос Станакзий. – Мәмлекетиңиз басшысының Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў, қәўипсизликти тәмийинлеў, тынышлық сөйлесиўлерин алға қойыў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалайман. Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен пүткиллей пайдаланыўдан шыққан Мозари-Шариф халықаралық аэропортының жумысы қайта тикленди. Ушыў-қоныў коридорлары толық оңланды. Аралықтан басқарыў системасы иске қосылды. Аэропорттың сыртқы электр тәмийнаты түп-тийкарынан жақсыланды.

Сондай-ақ, илажда аэропорттың қурылысы жуўмақланған объектлерин пайдаланыўға тапсырыў ҳәм жумысын тиклеў ушын зәрүр үскенелерди қабыл етип алыўға қол қойылды. Бүгинги күнде регион мәмлекетлери арасындағы саўда-экономикалық байланыс жедел пәт пенен раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен 9 ай даўамында мәмлекетлеримиздиң өз-ара өним ҳәм хызмет алмасыў көлеми 3,1 миллион тоннаны қурады. Буннан тысқары, трансаўған коридоры Арқадан ҳәм Қубла-Шығыс Азия мәмлекетлеринен қублаға жүк тасыў имканиятын берди.

«Термиз-Мозари-Шариф – Қабул – Пешавор» темир жолының қурылыс жойбары да шериликти беккемлейтуғыны тәбийғый. Экспертлердиң пикиринше, бул Аўғанстанды қайта тиклеў  ҳәм пүткил регионды раўажландырыўда стратегиялық әҳмийетке ийе жойбар болып табылады.

– Мәмлекетлеримизди әзелден уқсас тил, улыўма муқаддес дин ҳәм уқсас  руўхый қәдриятлар бирлестирип турады, – деди Өзбекстан транспорт министри Илҳом Маҳкамов. Мозари-Шариф аэропортының жумысын қайта тиклеў бойынша биргеликте әмелге асырылған илажлар Аўғанстанның экономикалық раўажланыўына жәрдемлесиў, бул жерде әмелге асырылған пәрўазлар қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм аэропорттың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў жолында әҳмийетли қәдем болады.

Делегациямыздың мүбәрек қала – Мозари-Шарифке сапары аэропорт электр тәмийнатын басқарыў пунктиниң ашылыў мәресимине қатнасыў менен даўам етти. Еки тәрептиң транспорт министрлери дәстүрий символикалық қызыл лентаны кескеннен соң жыйналғанларға бул технология ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өткен бир жыл ишинде Өзбекстан аэропортларында жумыс алып барып атырған жетик қәнигелер Аўғанстанның усы аэропортына тартылды. Олардың жәрдеми менен аэропорттың ушыў-қоныў, бурылыў коридорлары, ҳаўа кемеси туратуғын орынлардағы кемшиликлер сапластырылды.

Ушыў-қоныў коридорының жақтыландырыў-сгнал қурылмасы да оңланды. Нәтийжеде аэропорт түнде де, қолайсыз ҳаўа-райы шараятында да пәрўазларды қабыл ете алыў имканиятына ийе болды. Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, гүз ҳәм қыс мәўсимине толық таярлық көриў бойынша әмелий жәрдем көрсетилди. Бул жәрдем Өзбекстан тәрепинен дос аўған халқына, мозари-Шариф аэропортына техникалық қураллар жеткерип бериў жолы менен әмелге асырылды.

Жуўмақлап айтқанда, көп жыллық тарийхқа ийе Өзбекстан – Аўғанстан қатнасығы мәденият, үрп-әдет ҳәм дәстүрлердеги жақынлыққа, уқсаслыққа тийкарланған сиясий шериклик және экономикалық тараўларда жеделлесип бармақта. Енди Мозари-Шариф аэропортынан жергиликли ҳәм сырт ел ҳаўа қатнаўы және жанланды. Бул, өз гезегинде, аймақтың экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына салмақлы үлес қосады.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы.

Ташкент – Мозари-Шариф – Ташкент.