Буннан алдын Өзбекстан ҳәм Қазақстан Республикалары шегарасындағы «Зангиата-Қапланбек» автожол өткериў пункти  усы жылдың 1-ноябрь сәнесинен баслап 19 айға жабылатуғыны ҳаққында хабар берген едик.  Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң мағлыўматына бола, Пунктте модернизациялаў ҳәм техникалық жақтан үскенелеў жумыслары алып барылатуғыны себепли бул пункт усы жылдың 1-декабрь сәнесинен жабылатуғын болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги