Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филология илимлериниң кандидаты, «Шуҳрат», «Туран биримдиги-Мықлы қаламгер» медальлларының ийеси, бир қатар республикалық таңлаўлардың жеңимпазы Алланазар Абдиев пенен мектеп оқыўшыларының әдебий ушырасыў кешеси болып өтти.

Кешени мектеп директоры Б. Тилепбаев басқарып барды.

Онда жазыўшы ҳәм журналист Алланазар Абдиев шығып сөйлеп, өзиниң басып өткен өмир жолы, дөретиўшилиги, шығармалары ҳәм устазлары жөнинде кең түрде айтып өтип, оқыўшылардың қызықтырыған сораўларына жуўап берди.

 

Кешеде А.Абдиев өзи дөреткен шығармалардан ибарат бир қанша китапларын мектептиң мәлимлеме-ресурс орайына саўға етти.

Сондай-ақ, әдебий кешеде мектеп оқыўшылары да өзлериниң жазған қосық ҳәм гүрриңлерин илаж қатнасыўшыларына оқып берип,  бул илаждың еле де мазмунлы өтиўине өзиниң унамлы тәсирин көрсетти.

Сулыўхан Арзиева,

 Нөкис районлық ХББға қараслы 31-санлы мектептиң

мәдений-дөретиўшилик мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы.