Бүгин, 31-октябрь күни Корея Республикасының Өзбекстан Республикасындағы консулы На Донггун басшылығындағы делегация Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди.

Ушырасыўда мийманлар институтта Корея Республикасының Өзбекстандағы Елшиханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген «Корея мүйеши» ушын корейс тили ҳәм әдебияты, тарийхы ҳәм мәденияты ҳаққында баспадан шығарылған жаңа китапларды саўға етти.

Институттың халықаралық бирге ислесиў бөлими баслығы А.Бимбетов, корейс тили пәни оқытыўшысы, Қарақалпақстандағы Корейс миллий мәдений орайының баслығы М.Когай менен болып өткен сәўбетлесиў барысында елимизде корейс тили ҳәм мәдениятын үйрениў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, Корея Республикасында жумыс алып барып атырған халықаралық рейтинг шөлкемлери тәрепинен жоқары баҳаланған оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайлары менен еки тәреплеме байланысларды жолға қойыў, илимий-әмелий стажировкалар, профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў, биргеликте магистратура қәнигеликлерин ашыў бағдарында әмелге асырылатуғын жумыслар додаланды.

Корея Республикасының консулы На Донггун институттағы «Корея мүйеши»ниң жумыслары жақсы жолға қойылғанлығы, бул жерде корейс тили ҳәм мәдениятын үйрениў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берип, атап өтилген мәселелер бойынша бирге ислесиўдиң перспективалары ҳаққында өз усынысларын билдирди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.