Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында уллы ойшыл ҳәм энциклопедист алым Әбиў Райхан Берунийдиң 1050 жыллығына бағышланған «Әбиў Райхан Беруний мийрасы ҳәм ҳәзирги заман цивилизациясының раўажланыўы» атамасындағы илимий семинар болып өтти.
Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Уллы ойшыл ҳәм энциклопедист алым Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығын халықаралық көлемде кең түрде белгилеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Қарарға муўапық, 2022-2023-оқыў жылында уллы ойшыл ҳәм энциклопедист алым Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығы ЮНЕСКО қәўендерлигинде халықаралық көлемде кең түрде белгиленетуғынлығы белгилеп қойылды.
Усы қарарда белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, институттың Жәмийетлик пәнлер кафедрасының баслығы, тарийх илимлериниң докторы Яхшибека Абдуллаева басшылығында шөлкемлестирилген илимий семинарда алымның илимий-ағартыўшылық мийрасларын буннан былай да терең үйрениў ҳәм кең түрде үгит-нәсиятлаў мәселелери додаланды.
Илажда «Беруний әўладлары» жәмийетлик фонды ҳәм оның жанындағы Берунийтаныў илимий орайы ўәкиллери сөзге шығып, уллы энциклопедист алымның илимий мийнетлерин үйрениў мәселелериниң әҳмийетине тоқталып, семинар шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдирди.
Илимий семинарда Өзбекстан Илимлер академиясы Шығыстаныў институты, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Илимлер академиясы В.И.Романовский атындағы Математика институты, Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институты, Нөкис кәншилик институты, сондай-ақ, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан бир қатар алымлар, профессорлар Әбиў Райхан Берунийдиң дүнья цивилизациясының раўажланыўына қосқан үлеси, математика, физика, астрономия, география, геология, тарийх ҳәм этнография илимлериниң раўажланыўында алымның жазған илимий мийнетлериниң әҳмийети, бүгинги күнниң илиминде Беруний мийрасларының тутқан орны ҳаққындағы баянатлары тыңланды.
Илажда Берунийдиң илимий-ағартыўшылық мийрасларын келешек әўладларға жеткериў, жаслар арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыў, алымның бизге шекем жетип келген шығармаларын буннан былай да терең үйрениў мәселелери додаланып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.