Бүгин азанда Президентимизге Аўыл хожалығы министри Азиз Воитов аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм бул бойынша ыссыханалардың жумысын қоллап-қуўатлаў мәселесинде есап берди.

Күнниң екинши ярымында аймақларда ҳәм тармақларда энергия үнемлилигин тәмийинлеў илажлары бойынша тараўға жуўапкер басшылардың қатнасыўында таныстырыў режелестирилген.

Сондай-ақ, усы ҳәпте даўамында экономика тармақларына берилип атырған жеңилликлердиң нәтийжелилигин үйрениў бойынша додалаў, жергиликли санаатты буннан былай да раўажландырыў бағдарында қолда бар имканиятларды ҳәм резервлерди мобилизациялаў бойынша кеңейтилген мәжилис ҳәм әдил судлаўды тәмийинлеў және суд реформаларын буннан былай да жетилистириў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпаларды таныстырыўлар өткериў нәзерде тутылған.

Басланған ҳәптеде сыртқы сиясий мәселелерде де бир қатар илажлар бар екенлигин айрықша атап өтиў зәрүр.

1-ноябрь күни Президентимиз Германия сыртқы ислер министри Анналена Бербок басшылығындағы делегацияны қабыл етеди. Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықлардың перспективасы, саўда-экономикалық, энергетика бағдарларында бирге ислесиў додаланады ҳәм регионаллық мәселелер бойынша пикир алысылады.

3-ноябрь күни болса мәмлекет басшысының БАӘ ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммед бин Абдуллаҳ ал-Гаргавий менен ушырасыўлары режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги