Усы жылдың 27-28-октябрь күнлери Самарқандта биринши мәрте ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясының сессиясы болып өтеди. Жүзбе-жүз түрде өткерилетуғын илажларда ҒМДА ПА қатнасыўшы мәмлекетлери парламентлери делегацияларының басшылары ҳәм ағзалары, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, илимпаз ҳәм экспертлер қатнасады.

27-октябрь күни Ассамблеяның мәденият, мәлимлеме, туризм ҳәм спорт бойынша, аграр сиясат, тәбийғый ресурслар ҳәм экология бойынша және сиясий мәселелер ҳәм халықаралық бирге ислесиў бойынша турақлы комиссияларының мәжилиси болып өтеди.

Усы күнниң өзинде Дослық Аўқамы мәмлекетлери парламентлериниң жас ағзалары ҒМДА қатнасыўшы мәмлекетлер Жаслар парламентлераралық ассамблеясы мәжилисине жыйналады.

27-октябрь күни ҒМДА ПА Кеңесиниң мәжилиси болып өтеди. Парламент делегациялары басшылары бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалайды, 2022-жылы өткерилген илажлардың жуўмақларын есап-санақ етеди, ҒМДА мәканындағы сайлаў компаниялары мониторинги ҳаққындағы мәлимлемени тыңлайды.

28-октябрь күни ҒМДА ПАның 54-жалпы мәжилиси болып өтеди. Парламент ағзалары сайлаў темасындағы көплеген үлги нызамларды көрип шығатуғыны режелестирилген. Сондай-ақ, депутатлар ҳәм сенаторларға бир қатар басқа да нызам жойбарлары да усынылады, олардан кейин ала Дослық Аўқамы мәмлекетлериниң миллий нызамшылығында пайдаланыў мүмкин.

Сессияның тийкарғы илажлары алдында 25-октябрь күни ҒМДА қатнасыўшы мәмлекетлери Парламентлераралық Ассамблеясы ҳәм Байланыс тараўындағы регионаллық дослық аўқамы Экспертлер кеңесиниң мәжилиси болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги