Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Елликқала районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў жағдайын жақсылаў, аймақтың инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў жолында алып барылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.

Республикамыздағы министрликлер, комитетлер, басқарма, сондай-ақ, райондағы кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң басшылары ҳәм белсендилер қатнасында мәжилис өткерилди.

Мәжилисте Елликқала районында Мәмлекетлик бағдарламалар, соның ишинде, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» Мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде алып барылып атырған жумыслардағы есабатларда қосып жазыўлар, кредит қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, бюджет қаржыларын талан-тараж етиў жағдайлары, кредит пулларын нақластырып жумсап жибериў, айырым кәрханаларға мақсетли ажыратылған қаржыларға бирде-бир үскене сатып алынбағанлығы, районда қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының орынланыўы қанаатландырарсыз екенлиги сынға алынды.

Сондай-ақ, мектепке шекемги ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, банк кредит қатнасықлары, қурылыс, социаллық қорғаў, халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў, транспорт хызметин жетилистириў, инвестициялық бағдарламаларды орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар талап дәрежесинде емеслиги атап өтилди.

Соның менен бирге, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен өз хызмет ўазыйпасына немқурайдылық пенен қараў нәтийжесинде пуқаралардың социаллық жағдайын жақсылаў ушын ажыратылып атырған жеңиллетилген кредитлерди талан-тараж етиў жағдайы район көлеминде ҳәўиж алғанлығы атап өтилип, бул кемшилилкреге жол қойғанларды жуўапкершиликке тартыў, солай етип, машқалаларды сапластырыў тийисли тараў басшыларына тапсырылды.

Мәжилисте жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша жәми 18,5 миллиард сум қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.