13-октябрь күни Қазақстан пайтахты Астана қаласында Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң гезектеги саммити болып өтти. Онда 50 ге шамалас кеңеске ағза мәмлекетлер ҳәм бақлаўшылар, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң делегациялары қатнасты.

Кеңес мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Иран Ислам Республикасы Президенти Ибраҳим Раисий, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф, Палестина Мәмлекетиниң Президенти Маҳмуд Аббос, Қатар Мәмлекетиниң Патшасы Тамим бин Ҳамад бин Халифа Ал Таний, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, сондай-ақ, Қытай Халық Республикасы Баслығының орынбасары Ван Цишань, Вьетнам Социалистлик Республикасы вице-президенти Во Тхи Ань Суан қатнасты.

Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес (АБИИК) – қәўипсизлик ҳәм турақлылық тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, саўда ҳәм экономикалық шериклик, қоршаған орталықты қорғаў бағдарындағы байланысларды жеделлестириўге қаратылған халықаралық форум. Усы жылы бул форумды жаратыў басламасына 30 жыл толды.

Бүгинги күнде АБИИКте 28 мәмлекет қатнаспақта. Және 9 мәмлекет ҳәм 5 халықаралық шөлкем бақлаўшылар статусына ийе. АБИИКтиң жоқары уйымы Мәмлекет ҳәм ҳүкиметлер басшыларының саммити есапланады. 2020-жылдан берли АБИИКке Қазақстан басшылық етпекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев саммиттеги шығып сөйлеген сөзинде дүньядағы жағдайға баҳа берип, халықаралық қатнасықларда анықсызлықтың барған сайын өсип, сөйлесиў ҳәм исеним де мисли көрилмеген дәрежеде жетиспеўшилик болып атырғанын атап өтти.

– Жүзеге келген жаңа геосиясий жағдай бүгин Азия континентиниң турақлылығына унамсыз тәсир көрсетпекте. Кризисли жағдайлар Орайлық Азия мәмлекетлерине де тиккелей тәсир етпекте, экономикалық интеграцияны тереңлестириў бойынша бизлердиң ҳәрекетлеримизди төменлетпекте, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бәринен бурын, басқа айрықша халықаралық машқалалардың пайда болыўы ақыбетинде екинши дәрежеге түсип қалып атырған Аўғанстандағы жағдайға айрықша итибар қаратылды. Шавкат Мирзиёев Аўғанстанның ўақытша ҳүкимети менен өз-ара бирге ислесиў бойынша улыўма ҳәм муўапықластырылған көзқараслар ислеп шығыў зәрүрлигин атап өтти. Усы мүнәсибет пенен Азия мәмлекетлериниң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясына биргеликтеги мүрәжат имканиятларын көрип шығыў усыныс етилди. Бул мүрәжатта Аўғанстан ҳүкимети менен тәреплердиң миннетлемелерин басқышпа-басқыш орынлаў алгоритмин таярлаў ҳәм келисиў ушын жоқары дәрежедеги халықаралық сөйлесиў топарын қәлиплестириў ҳаққындағы басламасы сәўлелендирилген.

Радикал идеялардың қысымы кеңейип атырғаны, экстремистлик шөлкемлерге жасларды жедел тартыўға урыныўлар улыўма қәўипсизликке қәўип салмақта. Усы мүнәсибет пенен бул бағдарда системалы бирге ислесиў керек екени атап өтилди.

Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң Жаслар кеңесиниң биргеликтеги басшысы сыпатында Өзбекстан түрли жастағы инсанлар арасында бир-бирин жақсы түсиниўге шақыратуғын, перзентлеримиздиң ең әҳмийетли машқалаларына биргеликте шешим излеўге жәрдемлесетуғын жаңа форматты – әўладлар қарым-қатнасын жолға қойыў усынысын билдирди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Азия мәмлекетлери экономикасын глобаллық кризистиң өсип атырған унамсыз ақыбетлерине бейимлестириў бойынша бир қатар басламаларды алға қойды. Атап айтқанда, глобаллық базарларды турақсызландыратуғын жаңа шеклеўлердиң енгизилиўине жол қоймаў, өндирис-логистика шынжырын ҳәм регионларды нәтийжели байланыстыратуғын транспорт коридорларын жаратыў, билимлер экономикасын алға қойыў, инновациялардың трансфер потенциалын және де толығырақ иске қосыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Шавкат Мирзиёев, сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында жаңа көзқарасларды усыныс етти. Олар – азық-аўқат өндирисиниң турақлы системаларын ҳәм оны жеткерип бериўдиң оптимал шынжырын қәлиплестириў, ишки регионаллық саўда өсиўи ушын техникалық регламентлерин үйлестириў, Азияда азық-аўқат қәўипсизлигин мониторинг етиўдиң тутас системасын жаратыў болып табылады.

Бул барлық мәселелер ФАО қәўендерлигинде 2023-жылы Өзбекстанда болып өтетуғын халықаралық конференцияда додаланады.

Экология машқалаларын шешиў ушын ҳәрекетлерди бирлестириўди ҳәм мәмлекетлеримизди жедел көклемзарластырыў ҳәм экосистемалар байланыслылығын қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша «Жасыл Азия» концептуаллық бағдарламасы шеңберинде турақлы эксперт мәсләҳәтлесиўлерин жолға қойыў усыныс етилди.

Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан басшысы заманагөй қәўип-қәтерлерди тек ғана сөйлесиў, бир-бириниң мәплерин есапқа алыў, улыўма тән алынған халықаралық ҳуқық нормаларына әмел етиў арқалы нәтийжели жеңип өтиў мүмкин екенине исеним билдирди.

Әне соның ушын да Президентимиз алға қойған улыўма қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолында аўызбиршилик бағдарындағы Самарқанд басламасының тийкарғы мақсети инсаният келешеги ушын бийпәрўа болмаған, тынышлық, татыўлық ҳәм биргеликте гүллеп-жаснаў ушын умтылып атырған барлық саламат әмелий сөйлесиўге тартыўға қаратылған.

Саммитте кеңеске ағза мәмлекетлер, бақлаўшы мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер делегацияларының басшылары да шығып сөйледи. БМШ Бас хаткериниң видеомүрәжаты көрсетилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қазақстан Республикасына әмелий сапары даўам етпекте.

ӨзА