Бүгин Астана қаласында өтип атырған Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес саммити илажлары көлеминде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өзине ажыратылған резиденцияда Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Бағдад Амреевти қабыл етти.

Кейинги жылларда шөлкем шеңбериндеги сөйлесиў жеделлесип, көп қырлы бирге ислесиў кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Усы жылдың ноябрь айында Самарқандта болатуғын саммитке таярлық көриў ҳәм оны өткериў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекет басшыларының мәжилиси алдынан күн тәртибин ҳәм саўда, инвестиция, транспорт, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм гуманитарлық алмасыўлар бойынша көп тәреплеме ҳүжжетлерди ислеп шығыў мақсетинде министрлер дәрежесиндеги бир қатар ушырасыўлары болып өтеди.

Шөлкемниң саммитке пуқта таярланыўы ушын усы абырайлы регионаллық структураның секретариаты менен тығыз бирге ислесиўге келисип алынды.

ӨзА