13-октябрьден Өзбекстан ҳәм Иран Ислам Республикасы ҳүкиметлери арасындағы исбилермен ҳәм илимий топарлар ўәкиллери сондай-ақ, туристлик топарлар ушын виза процесслерин әпиўайыластырыў ҳаққындағы Келисим күшке кирди.

Бул Келисимге Иран Ислам Республикасы Президентиниң 14-16-сентябрь күнлери Өзбекстанға рәсмий сапар етиўи шеңберинде қол қойылған.

Сыртқы ислер министрлиги Шәртанама-ҳуқық департаментиниң мағлыўматына бола, бул ҳүжжет 11 статьядан ибарат болып, оның күшке кириўи еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықларын және де беккемлеў, саўда-экономикалық, туризм, илим ҳәм илимий жумыс тараўларындағы байланысларды раўажландырыўға хызмет етеди.

Алдын Иран Ислам Республикасының Президенти Сайид Иброҳим Раисий ӨзА хабаршысы менен сәўбетте еки мәмлекет арасында визасыз режим енгизиў мәселесине тоқтап өткен еди.

ӨзА