«Әне соның ушын да биз алға қойған улыўма миллий қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолында аўызбиршилик бағдарындағы Самарқанд басламасының тийкарғы мақсети инсаният келешеги ушын бийпәрўа болмаған, тынышлық, татыўлық ҳәм биргеликте гүллеп-жаснаў ушын умтылып атырған барлық саламат күшлерди әмелий сөйлесиўге тартыўға қаратылған болып табылады.

Биз Қазақстанның Кеңеске 2024-жылға шекем басшылықты даўам еттириў нийетин қоллап-қуўатлаймыз ҳәм қазақстанлы досларымызға әўметлер тилеймиз.

Шериклик ҳәм исенимди беккемлеген ҳалда улыўма умтылысларымыз бенен биз жақсы мақсетлерге – мәмлекетлеримиз тынышлығы, турақлылығы ҳәм раўажланыўын тәмийинлеўге ерисетуғынымызға исенимим кәмил», деди Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги