«Пүткил жер жүзилик азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң есап-санақларына бола, ашлықтан қыйналып атырған планетамыз халқының ярымынан көбиси Азия регионында жасамақта.

Парадокс соннан ибарат, бир ўақыттың өзинде, мине, усы бизиң еллеримиз дүньяның жетекши азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўшы мәмлекетлери болып есапланады», деди Президентимиз ҳәм бул бойынша жаңа қатнаслар:

– азық-аўқат ислеп шығарыўдың турақлы системаларын ҳәм оны жеткерип бериўдиң оптимал шынжырын қәлиплестириў;

– ишки регионаллық саўда өсиўи ушын техникалық регламентлерди үйлестириў;

– Азияда азық-аўқат қәўипсизлигин мониторинг етиўдиң бир пүтин системасын жаратыўды усыныс етти.

Бул барлық мәселелерди ФАО қәўендерлигинде келеси жылы Өзбекстанда болып өтетуғын халықаралық конференцияда додалаў усыныс етилди.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы экология ҳәм климат өзгериўи машқалаларын шешиў ушын ҳәрекетлерди бирлестириўди және мәмлекетлеримизди жедел көклемзарластырыў ҳәм экосистемалар байланыслылығын қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша «Жасыл Азия» концептуаллық бағдарламалары шеңберинде турақлы эксперт мәсләҳәтлесиўлерин жолға қойыўды усыныс етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги