Усы жерде:

-протекционизмниң  күшейиўине, глобал базарларды турақлы ететуғын факторларды, соның ишинде, жаңа шеклеўлердиң енгизилиўине жол қоймаў;

-Азия континентинде өз-ара кеңпейилликти, биринши гезекте өндирислик- логистика шынжырын, Орайлық Азияны Қубла ҳәм Шығыс Азия, сондай-ақ, Жақын Шығыс пенен нәтийжели байланыстырыўшы транспорт коридорларын жаратыўдың есабынан күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

«Дүнья санаат революциясының жаңа басқышына өтиўдиң тийкары болған билимлер экономикасын алға қойыў турақлы раўажланыўға қәўип-қәтерлердиң алдын алыўға хызмет етеди.

Инновациялар трансфериниң потенциалын буннан былай да толығырақ иске қосыў, санластырыўды жедел хошаметлеў, жоқары технологиялар, жасалма интеллект. Интернет системаларын раўажландырыў мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

Бул бағдарларда Азия мәмлекетлери глобал жетекшиликке биргеликте ерисиў ушын барлық имканиятларға ийе», деди мәмлекетимиз басшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги