«Бузғыншы күшлер үгит-нәсиятлаў ҳәм идеологиялық тәсирдиң жаңа усылларынан пайдаланған ҳалда экстремистлик шөлкемлерге жасларды кеңнен тартпақта.

Усы мүнәсибет пенен жас аўладты радикализмнен сақлаў, олардың күш-ғайратын дөретиўшиликке қарай бағдарлаў ушын системалы бирге ислесиўди орнатыўымыз керек.

Ул-қызларымыз өз күшине исениўи, әдил келешекти жаратыўда өз көзқарасын сезиўи, өзиниң потенциалы ҳәм үмитлерин әмелде жүзеге шығарыў имканиятларына ийе болыўы керек.

Мәжилисимиздиң Жаслар кеңесиниң биргеликтеги басшысы сыпатында түрли жастағы инсанлар арасында бир-бирин жақсы түсиниўге шақыратуғын, перзентлеримиздиң ең әҳмийетли машқалаларына биргеликте шешим излеўге жәрдемлесетуғын жаңа форматы – Әўладлар сөйлесиўин жолға қойыўды усыныс етемиз.

Жас жетекшилер Форумы шеңберинде бундай дәслепки ушырасыўды 2023-жыл апрель айында Самарқандта өткериўге таярмыз».

Қарақалпақстан хабар агентлиги