Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында «Жаслар дәптери»не киргизилген, жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқып атырған жаслар менен ушырасыў болып өтти. Бул ҳаққында Жаслар ислери агентлиги ҚР басқармасы мәлимлеме хызмети хабар берди.

Илажға жоқары оқыў орынларының басшылары, студентлердиң ата-аналары қатнасты.

Ушырасыўды Жаслар ислери агентлиги директорының орынбасары Ф.Аблаяров ашып берди ҳәм Президентимиз тәрепинен жасларға берилип атырған имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

Атап өтиў керек, 2022-2023-оқыў жылында пайтахтымыз Нөкис қаласынан болған, «Жаслар дәптери»не киргизилген 833 студенттиң 3,7 миллиард сумлық төлемли контракт пуллары төлеп берилген болса, бүгин районларда жасайтуғын ҳәм усы категориядағы студент-жаслардан 675 ине усындай имканият инәм етилмекте.

Илажда агентликтиң районлық бөлимлериниң баслықларына студентлердиң контракт төлемлериниң 50 проценти төлеп берилгенлиги ҳаққындағы ваучерлер салтанатлы түрде тапсырылды.

Ушырасыўда студент-жаслар да сөзге шығып, мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ғамқорлықлар ушын Президентимизге, ҳүкимет басшыларына терең миннетдаршылықларын билдирди.

Қарақалпақ эстрадасының жас ҳәм талантлы ўәкиллери, көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлардың нәзерине усынылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Абатбай Данияров қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.