«Ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыў ҳәм саламатлығын беккемлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, 2022-жыл 1-октябрьден:

жумысты бөлип алып ислеўшиге ажыратылатуғын субсидия муғдары БЕМның 10 есесинен 15 есесине шекем (3 млн. сумнан 4,5 млн. сумға шекем) арттырылады;

алыс ҳәм шетки аймақлардағы мәҳәллелерде кеминде 20 жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды жумысты үйге алып ислеў тийкарында жумыс пенен тәмийинлеген исбилерменлер арасында ҳәр жылы бир мәрте ҳәр бириниң баҳасы 50 миллион сум болған жойбарлар таңлаўы өткериледи;

«Ҳаял-қызлар дәптери»ндеги кеминде 5 жумыссыз ҳаял-қызларды жумысты үйге алып ислеў тийкарында жумысқа қабыллаған исбилерменлер тәрепинен мәмлекет мүлкиндеги имарат ҳәм объектлерди ижараға алыўда ижара ҳақы 50 процент муғдарда өндириледи;

хызметкерлери улыўма санының кеминде 70 проценти «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлар болған жумысты үйге алып ислеўшиликти шөлкемлестирген ҳәм жеңиллик берилген дәўирде олардың бәнтлигин сақлап қалған исбилерменлер мәмлекет мүлкиндеги имарат ҳәм объектлер ушын ижара ҳақы төлеминен 2027-жыл 1-октябрьге шекем азат етиледи.

Ҳәр бир район (қала)да ҳаял-қызлар исбилерменлик орайлары жанында лидер жумысты үйге алып ислеўшилерди тартқан ҳалда «мәсләҳәт саатлары» енгизиледи.

Аймақларда жумысты үйге алып ислеў арқалы жаңадан жумыс орынларын шөлкемлестирген исбилерменлер арасында «Ең үлгили исбилермен» таңлаўы өткериледи.

ӨзА