ФОТОРЕПОРТАЖ

Нөкис қаласындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында бақсы, ақын ҳәм жыраў атқарыўшылары таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысының усы жылы 2-февральдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын ҳәм халқымыздың миллий мийрасы болған бақсышылық, ақын ҳәм жыраўшылық көркем өнери және оның мектеплерин раўажландырыў, жасларды миллий дәстүрлеримизге ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мақсетинде шөлкемлестирилген  таңлаўда қала ҳәм районлардан 60 қа шамалас атқарыўшы қатнасты.








Таңлаў жуўмағында ҳәр үш бағдар – бақсы, ақын ҳәм жыраў атқарыўшысы бойынша жеңимпазлар анықланды. Оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

12 қатнасыўшы таңлаўдың Сурхандәрья ўәлаятында өткерилетуғын жуўмақлаўшы басқышына жоллама алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери