Бүгинги күнде гендер теңлиги себепли жәмийетлик турмыста ҳаял-қызлардың кирип бармаған тараўы қалмады. Исбилерменлик тараўында да олардың үлеси күннен-күнге артып бармақта.

ӨзЛиДеП Тақыятас районлық Кеңеси тәрепинен «Дөретиўши ҳаял-қызлар» жойбары шеңберинде райондағы “Textile shop Gulsara” ЖШЖ ға исбилерменлик жумысларына қызығатуғын ҳаял-қызлардың саяхаты шөлкемлестирилди.

Жойбардың мақсети – ҳаял-қызлар арасында бизнес көнликпелерин қәлиплестириў бойынша бийпул оқыў-әмелий курсларын шөлкемлестириў болып есапланады. Солай етип, жумыс пенен бәнт болмаған ҳаял-қызларды исбилерменликке, атап айтқанда, шаңарақлық исбилерменликке, өнерментшиликке, жумысты бөлип алып ислеў сыяқлы жумысларға тартыў арқалы олардың шаңарақлық исбилерменлигин жолға қойып, өзин-өзи бәнт етиў бойынша комплексли жумысларды әмелге асырыў болып есапланады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың дәрамат дәрегин кеңейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-55-санлы қарары ҳәм басқа да усы мәселелерге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятлаў тийкарғы мақсет етип алынған.

Кәрхана баслығы Гүлсара Атажанова тигиўшилик бағдарына қызығатуғын қызларды тигиўшилик цехында алып барылып атырған жумыслар менен таныстырып, тигилип атырған кийим-кеншеклер, буйыртпалар, өз жумысларын қалай баслағаны, алдағы режелери туўралы мағлыўматлар берди. Өз кәсиби бойынша мастер-класс өткерди.

Ушырасыўда қатнасқан ҳаял-қызлар қәнигеден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги